Тәжикстан: сайлаўда ҳеш қандай нызамбузыўшылық анықланбады

2-март күни Тәжикстанда болып өткен парламент төменги палатасына сайлаўда 71,3 процент даўыс жыйнаған ҳүкимдар Халық демократиялық партиясы жеңиске еристи.
Орайлық сайлаў комиссиясының басшысы Бахтиёр Худоёрзода журналистлер менен ушырасыўда мәлим етиўинше, ХДП ўәкиллери 49 депутатлық орынды қолға киргизген: 12 си партиялық дизим, 47 си бир мантдатлы сайлаў округи бойынша.
Сондай-ақ, аграршылар – 5, Экономист-реформаторлар – 3, Социалистлик ҳәм Демократиялық партия биреўден орынға ийе болды.
4712967 сайлаўшы даўыс берген сайлаў даўамында ҳеш қандай нызамбузылыў жағдайы анықланбағаны да атап өтилди.
– 887 сайлаў участкасында болдық, – деди ҒМДА бақлаўшылары миссиясының басшысы Леонид Алфимов журналистлерге. – Миссия сайлаў нәтийжесине тәсир етиўи мүмкин болған нызамбузылыў жағдайын дизимге алмады. ОСКға сайлаў процеси бойынша ҳеш қандай шағым келип түспеди. Тәжикстан парламенти төменги палатасына сайлаў Дослық аўқамы мәмлекетлеринде қабыл етилген демократиялық норма ҳәм стандартқа муўапық еркин, ашық-айдын, альтернатив тийкарда өтти.
Еслетип өтемиз, миссия қурамында ҒМДАның барлық мәмлекетлеринен 157 адам бар еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги