Шахматшыларымыз қола медалын ийеледи
315

21-февраль-2-март күнлери аралығында Бухара ўәлаятында спорттың шахмат түринен Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа республикамыздың барлық аймақларынан шахматшылар қатнасып, жарыс жеңимпазлығы ушын кескин ойынлар өткерди.
Атап айтқанда, республикамыз спортшыларынан Тақыятас районы спорт мектеби тәрбияланыўшысы Гүлназ Узақбаева шахматтың стандарт түри бойынша 3-орынды ийелеўге миясар болды ҳәм АҚШта болып өтетуғын жәҳән чемпионаты ҳәм Таиланд мәмлекетинде болып өтетуғын Азия чемпионатына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.

Сондай-ақ, бул жарысқа қатнасқан және бир спортшымыз әмиўдәрьялы Райҳона Шамуродова да шахматтың блиц түри бойынша қатнасып, чемпионаттың қола медалын қолға киргизиўге еристи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги