Зәбердес илим пидайысы

Қарақалпақ тилин дүнья аренасында үгит-нәсиятлап, жасларымыздың санасына түркий тилди улығлаў, қәдирлеў ҳәм қәстерлеп-сақлаў идеяларын сиңдирип киятырған мийнеткеш илим пидайылары көп. Әне, усындай илим пидайыларының бири, жанкүйер илимпаз, меҳрибан устаз – Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ тил билими кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Гүлмира Ермекбаевна Қарлыбаева болып табылады.
Мен Гүлмира Қарлыбаеваны 30 жылға шамалас ўақыттан берли таныйман. Мине, усы дәўир ишинде оның билимге қуштарлығының көп мәрте гүўасы болғанман. Оны қарақалпақ халқының мәрт, жигерли ҳәм ғайратлы қаҳарманы Гүлайымға уқсатаман. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёев мәмлекетте билимлендириўди раўажландырмай турып, келешекти қурып болмайтуғынын, ең үлкен итибарды әйне билимлендириўге қаратыўды, муғаллимлердиң абырайын ҳәм жәмийеттеги статусын арттырыўға ҳәрекет ететуғынын көп мәрте атап өткен. Гүлмира Қарлыбаева билимлендириўди раўажландырыў ушын жанын пидә ететуғын мийнеткеш илимпаз болып, бар билими ҳәм күш-жигерин қарақалпақ тилиниң раўажланыўына, оның абырай-мәртебесин арттырыўға бағышлап келмекте.
Гүлмира Ермекбаевна Қарлыбаева 1975-жылы 3-февральда Қарақалпақстан Республикасының пайтахты – Нөкис қаласында туўылған. Ол жаслығынан билимге қуштар, өз алдына қатаң мақсетлер қойған ҳәм оларға ерисиў ушын тынымсыз ҳәрекет етпекте.
1992-жылы № 21 Ғабдулла Тоқай атындағы орта мектепти алтын медаль менен питкерип, сол жылы Республикалық пән олимпиадасында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен жеңимпаз болып, Қарақалпақ мәмлекетлик университетине жеңилликли түрде оқыўға кирди. Студентлик дәўиринде-ақ өзиниң умтылыўшаңлығы, билимге қызығыўшылығы менен устазларының итибарын тартты. 1997-жылы университетти айрықша диплом менен тамамлады.
1997-1999-жыллар даўамында 10.02.02. – Түркий тиллер (қарақалпақ тили) қәнигелиги бойынша аспирантурада, 2014-2017-жыллары болса докторантурада оқыды.
1997-жылдан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде аспирант, ассистент-оқытыўшы, доцент, қарақалпақ тил билими кафедрасының үлкен илимий изертлеўши хызметкери, Қарақалпақ филологиясы факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң баслығы, ҳәзирги күнде кафедра профессоры болып ислеп келмекте.

Г.Қарлыбаева ҳәзирги ўақытта қарақалпақ тил билими кафедрасы профессоры, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы DSc.03/30.04.2021.Fil.20/01-санлы Илимий кеңес ҳәм Илимий кеңес жанындағы Илимий семинар ағзасы. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институты жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.02/25.08.2021.fil.137.01 – санлы Илимий кеңес жанындағы Илимий семинар ағзасы.
Г.Қарлыбаева 2002-жылы “Әжинияз шығармалары тилиниң фонетикалық-морфологиялық сыпатламасы” атамасындағы кандидатлық жумысын, 2017-жылы “Әжинияз шығармалары тилиниң семантикалық-стилистикалық өзгешеликлери” атамасындағы докторлық диссертациясын табыслы жақлады. Ол 2018-жылы доцент, 2024-жылы профессор илимий атағына ийе болды.
Оның изертлеўине Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институтының директоры, филология илимлериниң докторы, профессор Н.Маҳмудов, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институты профессоры, филология илимлериниң докторы Қ.Содиқов, Самарқанд мәмлекетлик университети профессорлары, филология илимлериниң докторлары У.Санақулов ҳәм М.Абдиев, Россия Федерациясы Тамбов мәмлекетлик университети кафедра баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор А.М.Шчербак, Әзербайжан Республикасы Баку-Славян университети профессоры, филология илимлериниң докторы Н.Мамедов, Түркменстан Илимлер академиясы тил билими институтынан филология илимлериниң докторы, академик Мурадгелди Соэгов ҳәм Түркменстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң докторы Аваздурды Непесов, Қазақстан Республикасы Б.Бейсенов атындағы Евроазия мәмлекетлик университети “Қазақ тил билими” кафедрасының профессоры, филология илимлери докторы Г.Сағидолда ҳәм басқа да көплеген илимий изертлеўши илимпазлар өзлериниң унамлы пикирлерин билдирген.
Изертлеўи барысында пайда болған мәселелер бойынша Өзбекстаннан тысқары Москва, Челябинск, Австрия, Польша, АҚШ, Германия, Қазақстан мәмлекетлериниң илимий журналларында, илимий-теориялық конференцияларына қатнасып, жәмийетшилик арасында қарақалпақ классик шайыры Әжинияз шығармалары тилиниң өзине тән өзгешеликлери бойынша жаңа пикирлерди оятты, шайырдың әдебий мийрасын (тиллик өзгешеликлерин, сөз байлығын) дүнья илимине алып шықты ҳәм бир қанша монографиялардың авторына айланды.
Сондай-ақ, республикалық конференцияларда “Ҳәзирги филология илиминиң әҳмийетли мәселелери” (Нөкис, 2011, 2013, 2019), “Түркий тил билиминиң әҳмийетли мәселелери” (Нөкис, 2005), “Илим ҳәм билимлендириўге бағышланған өмир”, академик А.Дәўлетовтың 70 жыллығына бағышланған илимий-теориялық конференция топламы (Нөкис, “Билим” 2012), “Қарақалпақ мәмлекетлик университети ғәрезсизлик жылларында” (Нөкис, 2017), Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Республикалық илимий-теориялық конференциясы топламлары “Илим ҳәм тәлим-тәрбияның әҳмийетли мәселелери” (Нөкис, 2016), А.Турабаевтың 90 жыллық юбилейине бағышлап өткерилген “Филологияның әҳмийетли мәселелери” (Нөкис, 2016), “Филологиялық изертлеўлер VII”, “Қарақалпақ әдебиятының жарқын жулдызлары” (Нөкис, 2015), “Жәмийет раўажланыўында ҳаял-қызлардың орны” (Нөкис, 2005, 2015-жылда 2 тезис), “Ғәрезсизлик жылларында көркем өнер ҳәм мәденияттың жасларды тәрбиялаўдағы орны” темасындағы Республика илимий-әмелий конференциясы материаллары (Нөкис, 2016); сондай-ақ, халықаралық конференцияларда, атап айтқанда, Theoretical and Applied Sciences in the USA, held in New York, USA. 8th International Scientific Conference (New York, USA. April 26, 2016), “Актуальные проблемы в современной науке и пути их решения” (№9 (30) часть 5, Москва, 2016), “Илим ғумшалары” республикалық илимий-әмелий конференциясында (Нөкис, 2018), Түркологияның әҳмийетли мәселелери: тарийх, тил ҳәм әдебият халықаралық илимий-әмелий конференциясында (Ташкент, 2018. 11-12-май), “Заманагөй билимлендириў илими ҳәм психология” халықаралық илимий-әмелий конференциясында (Қазақстан, Астана, 2018. 27-апрель), “Жоқары мәнаўиятлы шахсты тәрбиялаўда ҳаял-қызлардың роли” илимий-әмелий конференциясында (Жиззах, 2018. 18-19-май), “Ҳаял-қызлардың илим, билимлендириў, мәденият ҳәм бизнес тараўындағы жетискенликлери” сыяқлы илимий-әмелий конференцияларда баянат түринде усынылып, редакциядан өткерилген, сертификатлар менен сыйлықланған. Оның тийкарғы илимий бағдары Әжинияз шығармаларының тилин изертлеў, сондай-ақ, қарақалпақ тилиниң тарийхы, лингвопоэтикасы, социаллық лингвистика мәселелерин үйрениўге бағышланған.
Г.Қарлыбаева “Әжинияз шығармалары тилиниң фонетикалық ҳәм морфологиялық сыпатламасы” (2012), “Әжинияз” (2003), “Әжинияз” (2014), “Әжинияз шығармаларында көркем сүўретлеў қураллары” (2018) сыяқлы оқыў-методикалық қолланбалары, сондай-ақ, “Әжинияз шығармалары тилиниң семантикалық-стилистикалық өзгешеликлери” (2017), “Әжинияз шығармалары тили” (2024) атлы монографиялары ҳәм қарақалпақ филологиясы бакалавриат бағдары студентлери ушын “Қарақалпақ тили диалектологиясы” (2019) сабақлығы, “Қарақалпақ тилинде миллий кийим-кеншек атамалары” (2020) оқыў қолланбасы, 70230101 – Лингвистика (қарақалпақ тили) қәнигелиги магистрантлары ушын “Социолингвистика” (2024) сабақлығы, “Өзбекше-қарақалпақша сөзлик” (2024) буннан тысқары 150 ден аслам илимий мақалалары басып шығарылған.
Бул оқыў қолланбалар ҳәм сабақлықлар ҳәзирги күнде тийисли пәнлерден лекциялар ҳәм әмелий шынығыўларды оқытыўда кең қолланылмақта. Г.Қарлыбаеваның белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улының шығармаларына бағышланған илимий шығармалары шайыр тилиниң өзине тән өзгешеликлерин үйрениўде теориялық ҳәм әмелий жақтан үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, Әжинияз дүрданалары теңсиз лингвопоэтикалық қубылыс сыпатында өз дәўириниң тили ҳәм мәдений қәдириятларын толық сәўлелендиретуғын әдебий дәрек есапланады.
Әжинияз Қосыбай улының ибратлы өмири ҳәм көркем мийрасын ҳәр тәреплеме терең үйрениў ҳәм халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, жасларымыздың өзлигин аңлаў, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 16-июльдеги “Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында”ғы ПҚ-258-санлы қарары қабыл етилген. Қарарда атап көрсетилгениндей «Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын белгилеў ЮНЕСКОның халықаралық юбилейлер режесине киргизилгени де оның дөретиўшилик мийрасы улыўма инсаныйлық әҳмийетке ийе екенинен дәрек береди. Бул қарар халқымыз ушын жүдә қуўанышлы ўақыя болды. Әжинияз дөретиўшилигин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары нәдеўир алға илгериледи. Г.Қарлыбаеваның “Әжинияз шығармаларының тили” атлы монографиясында қарақалпақ халқының уллы классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы (1824-1878) әдебий мийрасларының тили лингвистикалық бағдарынан терең ҳәм ҳәр тәреплеме изертленген. Монография Әжинияз шығармаларының тиллик өзгешеликлерин, шайырдың индивидуал стилин үйрениўде, Әжиниязтаныў илиминиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында салмақлы хызмет етип келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 20-октябрьдеги “Елимизде өзбек тилин буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 6084-санлы Пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 410-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жойбар таярланды. Жоқарғы Кеңес Президиумының 410-санлы қарарының 2-қосымшасына муўапық тастыйықланған “2020-2030-жылларда Қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў” концепциясының 2021-2023-жылларда әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасының 9-бәнтине муўапық, қарақалпақша-өзбекше ҳәм өзбекше-қарақалпақша сөзликлерди жаратыў ўазыйпасы 2022-жылға белгиленген. Қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жаратылған Г.Қарлыбаеваның “Өзбекше-қарақалпақша сөзлик” қолланбасынан билимлендириў системасының барлық буўынларындағы оқытыўшы, баспасөз жәмәәти, улыўма, кең китапқумарлар жәмәәти пайдаланып келмекте. Сөзлик латын жазыўындағы өзбек ҳәм қарақалпақ әлипбесинде дүзилген.
Г.Қарлыбаева тәрепинен ислеп шығылған оқыў әдебиятлары “Жаңа әўлад әдебиятларын ислеп шығыў талаплары”на толық сәйкес келеди. Бул пикирдиң дәлили сыпатында изертлеўшиниң “Социолингвистика” атлы сабақлығы 2023-жылы Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен басып шығарылатуғын әдебиятлар қатарына киргизилгенлигин атап өтиў мүмкин. Сондай-ақ, Г.Карлыбаева қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигиниң дүзиўшиси (И,Й ҳәриплериниң) ҳәм сөзликтиң VII томына жуўаплы редактор. (Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги жети томлық. VII том. // Сөзлик. – Нөкис. “Қарақалпақстан,” 2023-502-б. ИСБН 978-9943-9141-9-3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 22-январь күнги ПО 11-06/5-01/54-санлы мағлыўматнамасы).
Ол ҳәр жылы турақлы түрде жергиликли телевидение арқалы интервью берип, қарақалпақ тил билиминдеги жаңа изленислер ҳәм бағдарлар және тил билиминиң әҳмийетли мәселелери ҳаққында өз баянатлары менен қатнасып келеди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан телеканалында “Тил байлығы – ел байлығы” (11.12.2023; 23.09.2024), “Кеўил лирасы” (07.04.2024), “Әҳмийетли сәўбет” (04.10.2024), “Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан” көрсетиўлеринде (8.04.2024; 30.09.2024) уллы бабамыз Әжинияз Қосыбай улы шығармаларының тили, сөз байлығы, өзине тән стиллик өзгешеликлери ҳаққында нәтийжели пикирлери менен қатнасты. 2024-жыл 19-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының Жәмийетлик сиясий ҳәм социаллық-экономикалық бағдарламалары бас редакциясы тәрепинен таярланған “Талап ҳәм жуўапкершилик,” 26-июль күни “Халық пенен пикирлесиў” еситтириўлери арқалы “Әжинияз шайырдың 200 жыллығын белгилеў бағдарындағы илажлар” ҳаққында шығып сөйледи. Сондай-ақ, “Еркин пикир” көрсетиўинде әдебий тил нормаларынан дурыс пайдаланыў, тилди таза сақлаў мәселелери, “Мийрас” радиоеситтириўинде халық нақыл-мақаллары, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер, олардың халқымыз турмысында тутқан орны ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берди.
Профессор Г.Қарлыбаева 2024-жыл 14-октябрьде Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде өткерилген “Әжинияз Қосыбай улы әдебий мийрасын шөлкемлестириўдиң әҳмийетли мәселелери,” 2024-жыл 26-октябрь күни өткерилген “Әжинияз-қарақалпақ әдебиятының мақтанышы” атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференцияларда белсене қатнасқаны ушын арнаўлы сертификат пенен сыйлықланды. Ҳүкиметимиз тәрепинен Г.Қарлыбаеваның мийнетлери жоқары баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы (2024 жыл, 13-ноябрь) менен сыйлықланды.

Г.Қарлыбаева жанкүйер илимпаз, тәжирийбели ҳәм шебер педагог сыпатында көзге тасланады. Оның илимий басшылығында 3 шәкирти филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) (Қ.Усенова, Ж.Бухарбаева, А.Нaсырова), 1 шәкирти педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) (Г.Атажанова) диссертациялық жумысларын табыслы қорғады. Магистрлик диссертация жумысларына илимий басшылық етип, елимиздиң раўажланыўына ат салысатуғын билимли жасларды жетилистирип атыр. Сондай-ақ, “Қарақалпақстанда илим ҳәм билимлендириў” (“Science and education in Karakalpakstan”) илимий журналының редакторлар жәмәтиниң ағзасы сыпатында хызмет көрсетип киятыр.
Г.Қарлыбаева дөретиўшилик жумысы менен бир қатарда жәмийетлик жумысларда да белсене қатнасады. Ол студентлерге терең билим бериў менен бирге, саламат әўлад тәрбиясына, мәмлекетимизде жедел алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин, миллий ғәрезсизлик идеяларын жасларымыздың санасына сиңдириўде жанкүйерлик пенен қатнасып келмекте.
Ол 30 жылға шамалас мийнет етип киятырған Қарақалпақ тил билими кафедрасы профессоры сыпатында өзиниң илимий потенциалы, билим ҳәм тәжирийбеси, мийнет сүйгишлиги менен үлкен абырай-мәртебеге ийе. Ол кафедра ҳәм факультеттиң илимий-шөлкемлестириўшилик жумысларында да белсендилик көрсетип келмекте. Ҳәр жылы оның илимий басшылығындағы зийрек студентлер илимий-әмелий конференцияларға қатнасып, тезис ҳәм мақалалары топламларда басып шығарылмақта.
Г.Е.Карлыбаева өз кәсиплик шеберлигин арттырыўға умтылыўшы педагог. Ҳәзирги ўақытта да оқыў-методикалық қолланбалар ҳәм илимий мақалалар үстинде жумыс алып бармақта. Оның илимий-педагогикалық жумыслары, устазлық жолы “Өзбекстан” телеканалының “Шаңарақ” көрсетиўинде, “Қарақалпақстан” телеканалының “Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!”, “Хабар” мәлимлеме бағдарламасының 8-март халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған арнаўлы байрам көрсетиўинде кең жәмийетшиликке жарытып берилди.
Президентимиз айтқанындай, “ақыллы ҳәм оқымыслы аналар миллеттиң уллы келешегин жаратады.” Ҳақыйқатында да, Гүлмира мийнет жолы менен бирге шаңарақта да үлгили зайып ҳәм меҳрибан ана. Өмирлик жолдасы Сансызбай Сапарниязов пенен бирге 2 ул, 1 қызды тәрбиялап атыр.
Қарақалпақ тил билиминиң шын мәнисиндеги жанкүйер пидайысы Гулмира Қарлыбаева бүгин 50 жасты қарсы алды. Ярым әсир, яғный, 50 жас бул инсан өмириниң ең шыңы, дөретиўшилик, илим ететуғын ержеткенлик дәўири есапланады. Алдында әмелге асырылатуғын көплеген илимий изертлеўлер, илимий педагогикалық жумыслар, сабақлық, оқыў қолланба ҳәм монографиялар басып шығарыў, қаншадан-қанша шәкиртлер таярлаў ўазыйпалары тур.
Гүлмира Қарлыбаева өзиниң инсаныйлық пазыйлетлери, пидайылығы, мийнет сүйгишлиги, жоқары дәрежедеги илимий ҳәм сиясий билими, шәкиртлер таярлаўда, сондай-ақ, шаңарақта перзент тәрбиясындағы үлгили пазыйлетлери менен үлкен ҳүрмет ҳәм итибарға ийе инсан.
Қарақалпақ тилиниң абырайы ҳәм потенциалын көтериўде тынымсыз мийнет етип атырған илимпаз Гүлмира Қарлыбаеваға беккем денсаўлық, жоқары илимий-дөретиўшилик пәрўазлар тилеп қаламыз.
Н.Янгибаева,
Филология илимлери бойынша философия докторы (PhD), доцент.
Қарақалпақстан хабар агентлиги