Донорларға берилетуғын ақшалай сыйлықтың муғдары көбейтилди

2025-жыл 28-февральдағы нызам (ӨРН-1041-санлы) менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.
Нызам менен «Қалалық жолаўшылар транспортынан бийпул пайдаланыўды тәртипке салыў ҳақында»ғы ҳәм «Қан ҳәм оның қурам бөлеклери донорлығы ҳақында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына тийисли түрде «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси менен сыйлықланған адамлар ушын бир мәртелик берилетуғын ақшалай сыйлық муғдары көбейтилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте
Онда бул көкирек белгиси менен сыйлықланатуғынлар БЕМниң 15 есеси (5 миллион 625 мың сум) муғдарында бир мәртелик берилетуғын ақшалай сыйлықты алатуғыны белгиленди.
Бурын, БЕМниң 5 есеси еди. Сондай-ақ, қалалық жолаўшылар транспортынан (буған жөнелисли ҳәм жөнелиссиз таксилер кирмейди) бийпул пайдаланыў, өзлери ушын қолайлы болған ўақытта ҳәр жылғы мийнет дем алысына шығыў ҳәм санатория-курортларда емлениў ушын жолламаларды гезексиз алыў ҳуқықы берилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги