Экономикада жеке сектордың роли және де арттырылады

352

Быйыл 28-февраль күни «Экономикада бәсекини раўажландырыў ҳәм жеке сектордың ролин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, мүлкшилик түрине қарамастан  бир ямаса бир неше хожалық жүргизетуғын субъектлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерге белгили товарларды ислеп шығарыў ( хызметлер көрсетиў, жумысларды орынлаў) ямаса сатыў  яки сатып алыў, сондай-ақ, бирден-бир операторлық хызметлерин көрсетиў ушын төмендегилер тийкарында усыныс етилген абсолют ҳуқық эксклюзивлик ҳуқық сыпатында тән алынады.

Нызамшылық ҳүжжетлери менен бурынғысынан басқаша түрде берилген руқсат (ҳуқық), улыўма тәртиптен тысқары  түрде  берилген жеке тәртиптеги  лицензия (руқсатнама).

Онда таңлаў (тендер) тийкарында усыныс етилген лицензиялар (руқсатнамалар) эксклюзивлик ҳуқық сыпатында тән алынбайды .

2025-жыл  1-апрельден эксклюзив ҳуқық хожалық жүргизиўши субъектлерге нызамлар ҳәм Президент пәрман ҳәм қарарлары менен 3 жылдан аслам болмаған мүддетке тек конституциялық струтктураны, халықтың денсаўлығы, Өзбекстанның қорғаныў қәбилетин, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў ушын бериледи.

Сондай-ақ, тәбийғый апатшылықлар, ҳәдийселер ҳәм эпидемиялардың алдын алыў ҳәм оларды сапаластырыў ушын бериледи.

Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-апрельден төмендеги хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумыс бағдарлары бойынша эксклюзив ҳуқықлары бийкар етиледи.

– «Өзбекэкспертиза» АЖ ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханалар тәрепинен өзиниң өндирис мүтәжликлери ушын алып келинип атырған мүлкке сертификат бериў бойынша;

– «ӨзИнжиниринг» жойбар институтының инвестиция жойбарларының жойбар алды ҳәм жойбар  ҳүжжетлерин ислеп шығыў бойынша;

– «Миллий PR -орайы»МУКтың Өзбекстан туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға бағдарланған  сырт елли компаниялардың продюсерлик ҳәм реклама хызметлерине, сырт елли телерадиокомпаниялар ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларының рекламалары, репортажлары ҳәм басқа роликлерин таярлаў ҳәм трансляция етиў бойынша;

– «Sag agro МТП»ЖШЖның ғоза ислеп шығарыўшыларға агротехникалық илажларды әмелге асырыў бойынша механизация  хызметлерин көрсетиў бойынша;

– «Өзбекстан стандартлар институты» мәмлекетлик мәкемениң миллий стандартларды  шәртнама тийкарында  басқа тиллерге аўдарыў бойынша.

«Туризм хызметлерин сертификатлаў орайы» МУКтиң туроператор, жайластырыў қураллары, таў лыжасы трассалары ҳәм пляжлар хызметлерин  сертификатластырыў, оларға  категория бериў, сондай-ақ, сертфикатластырылған хызметлердиң стандартластырыў бойынша нормативлик ҳүжжетлер талапларына муўапықлығы үстинен инспекция  қадағалаўын өткериў ўазыйпасы Туризм комитетине өткериледи.

Ш.Маматуропова, ӨзА