Тәбийғый газ ушын ысытыў мәўсиминде белгиленген базалық норма 1-апрельге шекем создырылды

321

Тәбийғый газ ушын ысытыў мәўсиминде белгиленген норма 1-апрельге шекем создырылды. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги рәсмий телеграмм-каналында хабар берилди.

Атап өтилиўинше, 1-март сәнесинен баслап мәмлекетимизде ысытыў мәўсиминде тәбийғый газ ушын енгизилген 500 кубометрлик базалық норма 100 кубометрге түсирилиўи белгиленген еди.

Бирақ март айында ҳаўа температурасының төмен болыўы, ҳәттеки айырым күнлери кешқурын ҳәм күндизги температура 0 градус дәрежеден түсип, әдеттегиге қарағанда суўығырақ болыўы күтилип атырғаны, қалаберди, халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде, Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен ысытыў мәўсими ушын белгиленген 500 кубометр базалық норма 2025-жылдың 1-апрелине шекем создырылды, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги