Миллий қосықсышылық өнери жолындағы пидәкерлик дөретиўшиликтиң жоқары тән алыныўы

252

Миллий қосықшылық өнеримиздиң ғайратлы үгит-нәсиятлаўшысы, Өзбекстан халық артисти Ғуламжан Ёқубов өзиниң йошлы қосықлары,  өзине тән атқарыў усылы менен тамашагөйлердиң итибарына ерискен. Усы күнлерде көркем өнер ийеси қутлы 75 жасын қарсы алмақта.

Пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» көркем өнер сарайында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Ғуламжан Ёқубовтың туўылған сәнеси мүнәсибети менен үлкен концерт бағдарламасы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң  «Өзбекстан халық артисти Ғуламжан Ёқубовты сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султонов оқып еситтирди. Оған бола, Ғуламжан Ёқубов миллий қосықшылық  өнеримизди раўажландырыў бағдарындағы хызметлери, жәмийетлик турмыста белсене қатнасы ушын “Буюк хизматлари учун”  ордени  менен сыйлықланды.

Усы сыйлықты көркем өнер ийесине Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева тапсырды.

Ғуламжан Ёқубов 60 жылдан берли көркем өнер жолында хызмет етип келмекте. Ол 45 жылдан аслам Өзбекстан филармониясында мийнет етип, халқымыз ушын  унайтуғын  қосықлар дөретти. Оның қосықлары бүгин мәмлекетимиз аймағынан узақларда да жаңламақта.

Музыкалы кешеде шығып сөйлеген Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан  ҳәм Қарақлапақстан халық артисти Муножат Йўлчиева, Өзбекстан халық шайыры Маҳмуд Тоир, Өзбекстан халық артисти Фаррух Зокиров Ғ.Ёқубовтың өзине тән дөретиўшилик жолы ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир билдирди.

-Ғуламжан қайсы дөгерекке кирсе, сол орталыққа, әлбетте, пайыз киреди, – деди Өзбекстан халық артисти Фаррух Зокиров. – Оның әдеп-икрамлылығы, қарым-қатнас мәденияты, сахна мәденияты, тамашагөйлерге ҳүрмети жасларға үлги болып есапланады. Президентимиздиң көркем өнердиң раўажланыўына көрсетип атырған  шексиз итибары  Ғуламжан Ёқубов мийнетлериниң усындай жоқары тән алынғанында көринди.

Шебер  көркем өнер ийеси миллий классикалық  ҳәм эстрадалық бағдардағы қосықларды  да  атқарады. Ол 1985-жылы «Мелодия»  дөретиўшилик фирмасының «Алтын диск» сыйлығы менен сыйлықланған. Ғәрезсизлик жылларында шебер  көркем өнер ийеси «Дўстлик», «Эл-юрт ҳурмати» орденлери менен сыйлықланған.

– Көркем  өнер жолындағы мийнетлерим усындай баҳаланғанынан оғада қуўанышлыман, – деди Ғ.Ёқубов. – Халқымызға  бийтәкирар қосықлар дөретиў жолында буннан былай да күш-ғайратымды аямайман.

Салтанатлы музыкалық кешеде Ўатанды, мийрим-шәпәәт, садықлық ҳәм гөззалықты жырлаўшы қосықлар жаңлады.

Назокат УСМОНОВА, ӨзА