Қурылыс тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын кең имканиятлар бар екенлиги атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының орынбасары Марат Хуснуллин басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Ушырасыў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм Ҳүкимети Баслығы Михаил Мишустинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Россия жетекшисиниң өткен жыл май айындағы Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди, соның ишинде, қурылыс тармағында ҳәм аймақларды раўажландырыў тараўында кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Қурылыс тараўында кең көлемли кооперацияны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Еки мәмлекет шөлкемлери ҳәм компанияларының қатнасыўында аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде инфраструктура объектлерин жойбарластырыў ҳәм қурыў, қурылыс материаллары ҳәм үскенелер жеткерип бериў усындай жойбарлардың қатарына киреди.
Үлесли қурылыс, жойбарластырыў, экспертиза, санластырыў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў бойынша тәжирийбе алмасыўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА