Май айынан Skype хызмети сапластырылады

Американың Microsoft корпорациясы усы жылдың май айынан Skype хызметиниң жабылыўын мәлим етти, деп жазады ТАСС агентлиги. Бул ҳаққында XDA Developers порталы хабар береди.
Хабарда пайдаланыўшыларға Microsoft Teams платформасына өтиў усыныс етиледи: «Май айынан баслап Skype жумысы тоқтатылады. Қоңыраўлар ҳәм сөйлесиў ушын Teams хызметинен пайдаланың»,-делинеди хабарда.
Skype хызмети 2003-жылы иске қосылған болып, 2011-жылы Microsoft корпорациясы тәрепинен сатып алынған еди. Компания 2017-жылы әстен-әстен бизнес ушын тийкарғы байланыс қуралына айланған XDA Developers хызметин усынды. XDA Developers порталы мағлыўматларына бола, соңғы жыллары Microsoft корпорациясы Teams хызметин белсене үгит-нәсиятлаған.
Азиза Алимова таярлады, ӨзА