Өзбекстан ҳәм Қазақстан төрт қосымша саўда коридорын ашады

365

Қазақстан менен өним алмасыўдың көлемин кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан тәрепи төрт қосымша саўда коридорын ашыўды режелестирмекте.

Бул басламаны республикамыздың усы қоңсылас мәмлекеттеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бахтиёр Иброҳимов Жетисуў ўәлаятының исбилерменлери менен ушырасыў барысында мәлим етти.

Дипломатиялық миссиямыз басшысы Өзбекстан тәрепи алға қойып атырған, мәмлекетлеримиз арасындағы экономикалық байланысларды раўажландырыўға қаратылған ислер ҳаққында толық мағлыўмат берди. Атап айтқанда, ҳәзирги күнде мәмлекет шегарасы қадағалаў-өткериў мәнзиллеринде ағымдағы оңлаў жумыслары алып барылып атырғаны атап өтилди. Себеби, бундай илажлар товар айланысының өсимине тиккелей үлес қосады.

Ҳәзир елимизде Қазақстан капиталының қатнасыўындағы мыңнан аслам кәрхана табыслы жумыс алып бармақта. Еки мәмлекеттиң экономикалық қатнасықлары регионлараралық байланысларды беккемлеў процесине де тиккелей унамлы тәсир ететуғынлығын атап өтиў керек.

Өткен жылы Қазақстан ҳәм Өзбекстан жәми 4,2 миллиард долларлық товар ҳәм хызмет алмасқан. Есап бериў дәўиринде елимизден қоңсылас елге 1,4 миллиард долларлық өним экспорт етилген.

Г.Саттарова, ӨзА