Пленум қарары әдил судлаўды нәтийжели әмелге асырыўға хызмет етеди

322

Ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыўында мәмлекетлик бюджет дәраматлары зәрүр орын тутады. Солай екен, мәмлекетлик бажыны өндириў мәселесине айрықша итибар қаратып, усыған байланыслы ҳүжжетлерге қатаң әмел етиў талап етиледи.

Усы мәнистен алып қарағанда Жоқарғы суд Пленумының
2019-жыл 25-октябрьде қабыл етилген «Ҳәкимшилик ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында»ғы қарарына Жоқарғы суд Пленумының 2024-жыл 16-декабрь күнги 38-санлы қарары менен тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгени жүдә зәрүр.

Усы жерде суд қәрежетлерин өндириў мәселесине тийисли нызамшылықтың ҳәкимшилик судлары тәрепинен дурыс қолланылыўы ҳәм бирдей әмелиятты тәмийинлеў мақсетинде, Пленум қарары заман талаплары ҳәм әмелдеги нызамшылыққа муўапықластырылғанлығы ҳаққында сөз бармақта.

Мәмлекетлик бажының өндирилиўине байланыслы әмелият талланғанында бул мәселеде өз шешимин күтип турған бир қатар машқала ҳәм түсинбеўшиликлер бар екенлигин көрсетти. Мәселениң салдамлылығы ҳәм актуаллығынан келип шыққан ҳалда, нызам нормаларының судлар тәрепинен түрлише талқыланыўын тоқтатыў мақсетинде әмелдеги Пленум қарарына тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилиўи есабынан, ҳүжжет бир қатар жаңа бәнтлер менен толықтырылды. Атап айтқанда, ревизия инстанциясы енгизилиўи мүнәсибети менен Пленум қарарына жаңа еки бәнт қосылды. Соны айтып өтиў керек әне, усы өзгерислерге бола, Жоқарғы суд судьясы ревизиялық шағымды үйренеди.
Үйрениў даўамында юридикалық әҳмийетке ийе болған бир қатар ҳәрекетлерди әмелге асырады.

Соған бола, егер мәмлекетлик бажы алдыннан төленбегенлиги ушын ревизиялық шағымы қайтарылмаған болса, шағымды Жоқарғы судтың тийисли судлаў коллегияларына көрип шығыўы ушын өткериўден бас тартылғанда, мәмлекетлик бажы улыўмалық тийкарларда өндирилиўи зәрүрлиги түсиндирилди. Бундай илаж болса әмелдеги түсинбеўшиликлерге орынлы шешим болды.

Ҳәкимшилик судқа мүрәжат етиўде исбилерменлик субъекти тәрепинен белгиленген ставканың 50 проценти муғдарында мәмлекетлик бажы төленген болып, арза қанаатландырылғанда, егер жуўапкер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси бойынша оннан өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары арза бериўши тәрепинен төленген сумма менен шеклениўи көрсетилди. Судлар арасында узақ даўам етип атырған тартысларға шек қойылып, әмелиятты бирдей етиўге имкан жаратылды.

Буннан тысқары, Пленум қарарында исбилерменлик субъектлери
ҳәм физикалық тәреплер «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамның
10-статьясы, биринши бөлими 1 ҳәм 11-бәнтлеринде нәзерде тутылған ҳәкимшилик судларына берилетуғын арза ҳәм шағымлар бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилгенлиги себепли истиң жуўмағы бойынша олардың талаплары қанаатландырылмастан қалдырылған жағдайда олардан, қанаатландырылған жағдайда, жуўапкерден мәмлекетлик бажы өндирилиўи түсиндирилди.

Сондай-ақ, нызамның усы бәнти менен исбилерменлик субъектлери ҳәм юридикалық тәреплер қайсы категориядағы ислер бойынша судларға мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилиў жағдайына  анықлық киргизилди.

Соның менен бирге, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызам талапларынан келип шығып, бир неше ғәрезсиз талаптан ибарат болған арзалардан мәмлекетлик бажы ҳәр бир талап бойынша, усы талап ушын белгиленген тийисли ставкалар бойынша айрықша өндирилиўи, онда судлар, арзада жуўапкерге миннетлеме жүклеўдиң соралыўы айрықша талап емес, ал ҳуқықты тиклеў шарасы есапланыўына итибар қаратылыўы лазымлығы ҳаққында түсиниклер берилди. Бул арза бериўшилерден тийкарсыз түрде артықша мәмлекетлик бажы өндирилиўиниң алдын алыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, Пленум қарарында бир қанша зәрүр көрсетпелер де қосымша түрде белгиленди.

Атап айтқанда, физикалық тәреплер нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў, пуқаралық ҳалаты акти жазыўын дизимге алыўдан бас тартқанлығы ямаса
усы уйым лаўазымлы шахсларының ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) бойынша, сондай-ақ, мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартқанлығы ямаса белгиленген мүддетте мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартқанлығы үстинен даўласыў ҳаққында арза яки шағым менен судқа мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажы пул төлеўден азат етилмегенлиги себепли, мәмлекетлик бажы ставкаларына тийкарланып, базалық есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы төлеўи лазым.

Сондай-ақ, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин гөзлеп берген арзалар қанаатландырылмастан қалған жағдайда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарары тийкарында, мәпин гөзлеп арза киргизилген мәпдар шахслардан мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Усы қағыйда арза көрместен қалдырылған ямаса ис жүргизиўден тамамланған жағдайда да қолланылады.

Пленум қарарында Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры қаржы уйымлары қурамына киргенлиги себепли «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамның 10-статьясы, биринши бөлими 6-бәнтине тийкарланып, барлық ислер ҳәм ҳүжжетлер бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етилгенлиги бойынша тийисли түсиниклер берилди.

Пленум қарарында өз сәўлелениўин тапқан түсиниклер әмелиятта өз шешимин күтип турған машқалаларды сапластырыўда зәрүр ҳуқықый тийкар болады.

Және де итибарға ылайық тәрепи сонда, апелляция, кассация ҳәм ревизиялық протестлер бойынша төлениўи зәрүр болған почта қәрежетлери истиң нәтийжесине бола, тийисли тәрептен өндирилиўи лазымлығы ҳаққында түсиндириў протестлерин тийкарсыз қайтарыў жағдайларын үзил-кесил тоқтатыўға хызмет етеди.

Жуўмақлап айтқанда, Жоқарғы суд Пленумының «Ҳәкимшилик ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында»ғы қарарына киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар судлар ушын оғада зәрүр. Бул жаңаланыўлар әдил судлаўды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм суд қәрежетлерин дурыс бөлистириўде зәрүр ҳуқықый тийкар сыпатында хызмет етеди.

 

 А. Нурлипесов

         Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы.

                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги