Ташкентте Өзбекстан Республикасы ушын «CТ TECH+» бағдарламасын таныстырыў мәресими болып өтти

Кеше Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы ушын «CТ TECH+» бағдарламасы менен таныстырыў мәресими болып өтти. Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған бул бағдарлама Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Киберқәўипсизлик ҳәм раўажланып атырған технологиялар бойынша глобаллық терроризмге қарсы гүрес» бағдарламасы көлеминде әмелге асырылмақта.
Илаждан гөзленген мақсет Өзбекстан ушын «CТ TECH+» бағдарламасын рәсмий түрде усыныў, сондай-ақ, 2025-2026-жылларға мөлшерленген илажлар режесин келисиўден ибарат.
Илаж Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Терроризмге қарсы басқармасы жанындағы Терроризмге қарсы гүресиў орайы ҳәм Халықаралық жынаят полициясы (Интерпол) шөлкеми тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты және Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясы жәрдеминде шөлкемлестирилди.
Илажда мәмлекетлик уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымлары, илимий топарлар ҳәм жеке меншик сектордың ўәкиллери қатнасты.
«CТ TECH+» бағдарламасы терроризмге қарсы гүресиўге қаратылған миллий стратегияларды беккемлеў, ҳуқық қорғаў уйымларының технологиялық имканиятларын арттырыў ҳәм жаңа технологиялардан пайдаланыў менен байланыслы терроршылық қәўиплерге қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.
Бағдарлама қәнигелерди жасалма интеллект, ашық дерек разведкасы (OSINT), сондай-ақ, кибертерроризм ҳәм даркнеттеги нызамсыз операцияларға қарсы гүресиў бойынша оқытыўды өз ишине алады.
Таныстырыў мәресиминиң рәсмий бағдарламасынан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстан Республикасы ўәкиллериниң шығып сөйлеўлери, киберқәўипсизлик тараўындағы глобаллық ҳәм регионаллық машқалаларды додалаў, сондай-ақ, «CТ TECH+» шеңберинде өз-ара бирге ислесиў стратегияларын ислеп шығыў орын алды.
ӨзА