Сенатор сораўы балалар бақшаларындағы зорлық жағдайларды сапластырыўға қаратылды

196

Жәмийетте ушырасып атырған машқалалар, кемшиликлерди сапластырыў бойынша парламент қадағалаўынан тысқары сенатор сораўы институты да жолға қойылған.

Мектепке шекемги билимлендириў системасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм балалардың мектепке шекемги билимлендириў менен қамтылыўын арттырыў мақсетинде мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы қоллап-қуўатланып, оларға бир қатар жеңилликлер берилди. Нәтийжеде ҳәзирги күнде 38 мың 58 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумысы жолға қойылған. Соннан 31 мың 139 ын мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери қурайды. Ҳәзирги ўақытта бул мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 946 мың 540 бала қамтап алынған.

Тараўда унамлы нәтийжелер менен бирге айырым машқалалар пайда болмақта. Мәселен, социаллық тармақларда тарқалып атырған хабарлар арқалы айырым мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балаларға зорлық жағдайлары жүз берип атырғанлығын көриў мүмкин.

Конституцияның 26-статьясында ҳеш ким қыйнаўға салыныўы, зорлыққа, басқа да аяўсыз, инсаныйлыққа жат ямаса инсан қәдирин кемситиўши қатнасқа ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес, деп белгиленген. 78-статьяға бола, балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады.

Соннан келип шығып, Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы Баҳром Абдуллаев Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрине сенатор сораўын жиберди.

Сораўда айырым мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балаларға зорлық жағдайларының жүз берип атырғанлығы атап өтилди. Атап айтқанда, Ташкент қаласы Мырза Улығбек районындағы «Tanzilandiya» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшылары тәрепинен усы шөлкем тәрбияланыўшыларына зорлық ҳәрекетлери жүз бергени, Юнусабад районындағы «First Daycare» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы ҳәм тәрбияшы жәрдемшисиниң балалардан бирин аўқат жемегени ушын стулға скочлап қойғаны анықланды.

Усындай унамсыз жағдайлардың көбейиўи мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балаларға көрсетилип атырған тәлим-тәрбия хызметлери ҳәм оларға жаратылған шараятларды мониторинг етиў қанаатландырарсыз жолға қойылғанын көрсетпекте. Бундай жағдайлар басқа мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жүз бермей атырғанына ҳеш ким кепиллик бере алмайды.

Сенатор министрден мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, соның ишинде, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балаларға исленип атырған зорлық жағдайларының себеплери ҳәм олардың алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында түсиник бериўди сорады.

Н.Абдураимова, ЎзА