Қазақстан бензин ҳәм дизель жанылғысы экспортына қойылған шеклеўди создырады

Қазақстанда нефть өнимлериниң экспортына қойылған шеклеўди алты ай мүддетке создырыў усыныс етилмекте.
Бул бағдарда мәмлекеттиң тийисли министрлик ҳәм уйымлары биргеликтеги буйрық жойбарын ислеп шыққан.
Ҳүжжет жойбарына бола, бул илаж жанылғы-майлаў материалларының экспорты үстинен қадағалаўды күшейтиў ҳәм Россия алдындағы жанылғы реэкспортын қадаған етиў бойынша миннетлемелердиң орынланыўына қаратылған.
Ҳүжжетте атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта мәмлекетте халықтың арасында ең өтимли болған АИ-92 бензини ҳәм дизель жанылғысынан пайдаланыў өзине тән болмаған түрде артып бармақта.
Ҳуқық қорғаў уйымларының мағлыўматларына бола, нефть өнимлери менен байланыслы «жасырын бизнес»тиң айлық көлеми 10 мыңнан 45 мың тоннаға шекем жетеди. Бул болса тиккелей Қазақстанға қоңсы мәмлекетлердеги бензин ҳәм дизель жанылғысының жоқары баҳалары менен байланыслы.
Еслетип өтемиз, бурынырақ Қазақстан ҳүкимети 2025-жыл 1-февральдан 2025-жыл 29-мартқа шекем мине, усындай қадаған етиўди жәрияланған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги