Қырғызстан парламенти Тәжикстан менен шегара шәртнамасын мақуллады

Қырғызстан парламентиниң тийисли комитетлери қырғыз-тәжик шегарасы ҳаққындағы келисимди мақуллады, деди республика нызамшылық ассамблеясы баспасөз хызметиниң ўәкили журналистлерге.
Комитетлер Бишкек ҳәм Душанбе арасында Қырғызстан-Тәжикстан мәмлекетлик шегарасы, еки мәмлекет арасында автомобиль жолларын қурыў ҳәм жоллардан пайдаланыў, Министрлер Кабинетлери арасында суў хожалығы ҳәм энергетика объектлеринен пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққындағы келисимлер жойбарын көрип шыққан ҳәм мақуллаған.
Бул еки қоңсы мәмлекет арасындағы мың километрлик шегара ўақты-ўақты менен жергиликли халық ҳәм шегарашылар қатнасыўындағы аўыр тартыслы аймаққа айланып қалған еди. Оған айырым аймақлар делимитацияланбағаны, шегара сызығын анықлаў имканиятының жоқ екенлиги себеп болған.
Өткен жума күни Бишкекте болып өткен сөйлесиў соңында Қырғызстан ҳәм Тәжикстан делегациялары өз-ара шегараны делимитациялаў бойынша жуўмақлаўшы протоколға қол қойды.
ӨзА