Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы: республикалық ҳәм жергиликли бюджетлер арасындағы қатнасықларды додалаў

250

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жалпы ишки өним көлемин 2030-жылда 200 миллиард долларға алып шығыў ўазыйпасы белгилеп берилди.

Сенатта өткерилген семинарда усы мәселеге итибар қаратылды. Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети тәрепинен өткерилген семинарда «2025-жыл ушын Өзбекстан  Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызамының орынланыўы бойынша әмелге асырылатуғын илажлар ҳәм республикалық ҳәм жергиликли бюджетлер арасындағы қатнасықлар додаланды.

Атап өтилгениндей,  Мәмлекетлик бюджеттиң 2025-жыл ушын параметрлери, бюджет жетиспеўшилиги дүнья экономикасындағы анықсызлық ҳәм геосиясий жағдайдың мәмлекетимиздиң экономикасына тәсирин жумсартыў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халықты  мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды және де күшейтиў сыяқлы факторларды итибарға алған ҳалда есап-санақ етилген.

Семинарда  алдынғы жыллардан өзгеше түрде «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызамына бир қатар жаңа нормалар киргизилгени ҳаққында толық түсиник берилди.

Атап айтқанда, нызамда мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилген аймақларда тийисли район ҳәм қалалар бюджетлериниң резерв қорлары усы механизмлер енгизилген жылдан алдынғы жылдағы көлемнен аз болмаған муғдарда қәлиплестирилиўи белгиленген.

Онда, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енигизилген аймақларда қосымша  қаржыларды қәлиплестириў тийисли жоқары туратуғын бюджетлердиң резерв қорлары қаржыларын азайтыў есабынан әмелге асырылыўы нәзерде  тутылған. Соның менен бирге, усы  жылдан баслап жергиликли кеңеслердиң ўәкилликлери де кеңейген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары кеңеслерине  район ҳәм қалалардың  экономикалық  раўажланыў дәрежесине  келип шығып жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң салық ставкалары муғдарын  белгилеў ўәкиллиги берилген.

2025-жылдан  оларға суў салығы ставкасына 0,7 ге шекем азайтыўшы ҳәм 1,5 ға шекем арттырыўшы коэффициент қолланыў сыяқлы бир қатар жаңа ўәкилликлер берилип, район (қала)лардың жергиликли бюджетлеринде қалдырылатуғын дәраматлардың қурамы кеңейтилген.

Семинар жуўмағында қатнасыўшыларға зәрүр усыныслар берилди.

Н.Абдураимова, ӨзА