Шерикликти және де кеңейтиў режелери қоллап-қуўатланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-февраль күни абырайлы “Үлкен дубылға” халықаралық турнири шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Халықаралық дзюдо федерациясы басшысы Мариус Визерди қабыллады.
Бул ири спорт шөлкеми менен мәмлекетимизде дзюдо мектебин раўажландырыў ҳәм усы жеке гүрес түрин ғалаба ен жайдырыў бойынша нәтийжели бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан халықаралық федерация жумысында белсене қатнасып атырғанын атап өтиўимиз керек. 2022-жылы мәмлекетимизде үлкен жастағылар арасында жәҳән чемпионаты, өткен жылы әскерий хызметкерлер арасында жәҳән бириншилиги табыслы өткерилди. Париж қаласында болып өткен жазғы Олимпиада ойынларында Диёра Келдиёрова Өзбекстан тарийхында биринши рет дзюдо бойынша алтын медальды қолға киргизди.
Федерация басшысы Мариус Визер мәмлекетимизде саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыў ҳәм спорттың барлық түрлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жаслар, әсиресе, қызларды кеңнен тартыў, заманагөй спорт инфраструктурасын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.

Ушырасыўда спортшылар, тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаўда федерацияның техникалық ҳәм эксперт жәрдемин кеңейтиў, қәбилетлилерди таңлап алыўдың нәтийжели механизмин енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз аймақларында дзюдо бойынша халықаралық жарысларды турақлы түрде өткерип барыў усынысы билдирилди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти миллий дзюдо мектебин раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын Халықаралық дзюдо федерациясы басшысы Мариус Визерге мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы –“Дўстлик” орденин тапсырды.
ӨзА