Британия Парламенти Жәмийетшилик палатасының ағзасы Өзбекстанда болып атырған жаңаланыўларды жоқары баҳалады

Өзбекстан елшиси Равшан Усмонов Британия Парламенти Жәмийетшилик палатасының ағзасы, бурынғы илим, технология ҳәм инновация министриниң орынбасары Жорж Фриман менен сөйлесиў өткерди.
Британия тәрепи Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, атап айтқанда, соңғы жыллары сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм мәдений тараўда ерисилген жетискенликлеримиз бенен таныстырылды.
Депутат үлкемизде жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди унамлы баҳалап, рәсмий Лондон Ташкент пенен барлық тараўда байланысларды кеңейтиўден мәпдарлығын атап өтти.
Сөйлесиў даўамында бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў, атап айтқанда, Парламенттиң жаңа ағзалары менен мүнәсибет орнатыў ҳаққында пикир алысты.
Жорж Фриман илим ҳәм инновация тараўындағы өз-ара байланыслардың айрықша әҳмийетине итибар қаратып, усы бағдарда жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа қолланыўда әмелий жәрдем көрсетиўге таяр екенлигин тастыйықлады.
Ушырасыўда жасалма интеллект, «жасыл экономика» ҳәм «ақыллы» қала бағдарларында Патшалық тәжирийбесинен пайдаланып, биргеликтеги илимий ҳәм инновациялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў да додаланды.
Сөйлесиў соңында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ушын имканиятты жүзеге шығарыў бойынша әмелий сөйлесиўди даўам еттириўге келисилди.
ӨзА