Қытай басшысы Россия менен қарым-қатнасына түсиник берди

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин Россия Федерациясы жетекшиси менен телефон арқалы сәўбетин түсиндирип, соның ишинде былай деген:
– Президент Владимир Путин менен виртуал ушырасыўда биз 2025-жыл Қытай – Россия қатнасықларының өсим пәтлерин додалап, көплеген ири халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша көз-қарасларымызды муўапықластырған едик. Мәмлекетлеримиздиң ўәкилликли уйымлары ҳәр қыйлы тараўларда бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў бойынша улыўма түсиниклеримиздиң тийкарында жумыс алып барды. Тарийх та, реаллық та мәмлекетлеримиз жақын қоңсы болып қалыў, бирин-бири қоллап-қуўатлаў арқалы улыўма раўажланыўға умтылып атырған ҳақыйқый дос екенинен дерек береди. Күшли ишки ҳәрекетлениўши күштен илҳам алатуғын өз-ара қатнасықларымыз шексиз стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул ҳеш қандай үшинши шахс ямаса тәрепке қаратылмаған, сыртқы тәсирге байланыслы емес. Ҳәр еки мәмлекет узақ мүддетли раўажланыў стратегиясы ҳәм сыртқы сиясатқа ийе. Халықаралық жағдай қалай өзгермесин, қатнасықларымыз усы пәтте раўажланып, мәмлекетлеримиздиң тийисли раўажланыўы ҳәм жанланыўына үлес қосады, халықаралық қатнасықларға турақлылық бағышлап, унамлы тәсир етеди.
Өз гезегинде, Путин де РФ Қытай менен қарым-қатнасқа айрықша әҳмийет беретуғынын билдирип, келеси жылы да Россия тәрепи жоқары дәрежедеги алмасыўларды даўам еттириў, әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўде зәбердес күш сыпатында бирге ҳәрекет ететуғынын атап өтти.
Россия ҳәм АҚШ қатнасығы, Украина менен жүзеге келген кризис бойынша Москваның беккем позициясына тоқтап өтип, Путин РФ кескинликтиң тийкарғы себеплерин сапластырыў, турақлы ҳәм узақ мүддетли тынышлық режимине ерисиў тәрепдары екенине итибар қаратты.
Улыўма, тәреплер ҳәр қыйлы жоллар менен байланыс ҳәм муўапықластырыўды даўам еттириўге келисип алды.
ӨзА