«Өзбекнефтьгаз» ҳәм «Halliburton» нефть-газ тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырады

Кеше «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм АҚШтың ири нефть сервис компанияларынан бири – «Halliburton» ўәкиллери арасында жумысшы ушырасыў болып өти.
Онда тәреплер нефть ҳәм газ кәнлеринде заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм қазып алыў нәтийжелилигин арттырыў мәселелерин додалады.
Атап өтилгениндей, «Halliburton» компаниясы АҚШтың Техас штаты Хьюстон қаласында жайласқан болып, дүньядағы ең ири нефть сервис корпорацияларының қатарына киреди. Компания углеводлар шийки затын излеў, бураўлаў ҳәм қазып алыў, сондай-ақ, кәнлерди өзлестириў нәтийжелилигин арттырыў бойынша алдыңғы технологияларды усынады.
Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар Өзбекстанда газ кәнлерин излеў ҳәм қазып алыў процессинде жаңа технологияларды енгизиўге қаратылды. Соның ишинде, сейсмикалық излеў, геологиялық-геофизикалық таллаў ҳәм санлы модельлестириў усылларын енгизиў имканиятлары көрип шығылды.
Сондай-ақ, қайта тиклеў қыйын болған резервлерди өзлестириў, қудықларды бураўлаў ҳәм жуўмақлаў технологияларды жетилистириў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Бул қатнас Өзбекстанда углеводород ресурсларынан еле де нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.
Ушырасыўда «Halliburton» компаниясы өз технологияларын Өзбекстанда жергиликлилестириў перспективаларын додалады. Сондай-ақ, нефть-газ санааты ушын қәнигелер таярлаў, оқыў бағдарламаллары ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Жәмийеттиң мәлимлеме хызметине бола, тәреплер бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын белгилеп, бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын «Жол картасы»ни ислеп шығыўға келисип алды.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзА