Өзбекстан ҳәм Чехия кәншилик санаатында бирге ислесиўди кеңейтпекте

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде Чехияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Любомир Фреборт басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиўлер барысында еки мәмлекет арасында кәншилик ҳәм геология тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Тәреплер өндирис қуўатлықларын арттырыў ҳәм жаңа технологияларды енгизиў бойынша бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетлилиги атап өтилди.

Сондай-ақ, локализациялаў бағдарламалары шеңберинде Чехия компаниялары менен биргеликте заманагөй үскенелер ислеп шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда тәжирийбе ҳәм инновация алмасыў имканиятлары додаланды.
Ушырасыўда чех компаниялары Өзбекстандағы кәншилик тараўына инвестиция киргизиўден мәпдар екенин билдирди. Усы мүнәсибет пенен перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар ортаға тасланды.
Тәреплер өз-ара бирге илсесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм келешекте жаңа келисимлерге қол қойыў бойынша келисип алды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА