«Алтын қәлем» таңлаўында жаңа номинация шөлкемлестирилмекте

256

Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Атап өтиў керек, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы, 2021-2025-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-августтағы пәрманы менен Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры қайта шөлкемлестирилген еди.

Усы пәрман менен Жәмийетлик қор қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы ҳәм Жәмийетлик қордың алдына пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен жаңаша системада қоллап-қуўатлаўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Мәжилисте Жәмийетлик қордың 2024-жылғы жумысы талланып, усы жылдағы жумысының әҳмийетли бағдарлары додаланды. Атап өтилиўинше, быйыл пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңаша системасы енгизилмекте. Мәселен, Парламентлик комиссия ағзалары ҳәм Жәмийетлик қордың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топардың аймақларға барып, халық пенен сөйлесиўлер шөлкемлестирген ҳалда олардың мүтәжликлерин үйренип, машқалалардың мәнзилли ҳәм нәтийжели шешимине қаратылған таңлаўларды жәриялаў режелестирилмекте.

Таңлаўлардың ашық-айдынлығы ҳәм процесслериниң оперативлилигин тәмийинлеў мақсетинде болса мәмлекетлик социаллық буйыртпа ҳәм грантларды ажыратыў менен байланыслы барлық процесслер ngo.gov.uz бирден-бир электрон платформасында әмелге асырылады.

Енди, бул платформа арқалы талабан шөлкемниң жойбарды тапсырыўы, Парламент комиссиясы тәрепинен көрип шығыў ҳәм баҳалаў процесслерин бақлап барыў, сөйлесиўлерге болса тиккелей қатнасыў имканияты да бар.

Сондай-ақ, 2024-жыл 1-октябрьден баслап 2027-жыл 1-октябрьге шекем Жәмийетлик қордың қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын жойбарлар шеңберинде мийнетке ҳақы төлеў бойынша белгиленген салық ставкалары 50 процентке, 2025-жыл 1-январьдан майыплығы болған шахслар, ветеранлар, ҳаял-қызлар және балалар жәмийетлик бирлеспелерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын белгиленген мәслекетлик бажылардың муғдары еки есеге азайтылды. Жәмийетлик фондтың Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы өз алдына бөлимлери шөлкемлестирлиди. «Пуқаралық басламасы» миллий сыйлығы, дәстүрий «Алтын қәлем» таңлаўында пуқаралық жәмийети институтларының жумысын сәўлелендириў бағдарында жаңа номинация шөлкемлестирилмекте.

Мәжилис жуўмағында Парламент комиссиясы тәрепинен «Өзбекстан – 2030» стратегиясы, 2021-2025-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыўда әҳмийетли баслама ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар бағдарламалар қабыл етилди.

Н.Раҳманова, ӨзА