Жаңаланыўлар тийкарында жетик қәнигелерди таярлаў жатады

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының баспасөз хызмети тәрепинен республикалық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер ушын институттағы оқыў лабораторияларына ҳәм усханаларына медиа-тур шөлкемлестирилди.
Институтта ҳәзирги ўақытта 10 факультет, 2 бөлим, 32 кафедра болып, улыўма 26 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 19 магистратура қәнигелигинде 17 мыңнан аслам жаслар билим алмақта.
Бүгинги күнде педагогикалық институтта 600 ге шамалас тәжирийбели профессор-оқытыўшылар студентлерге тәлим-тәрбия берип келмекте. Олардан 233 оқытыўшы илимий дәрежеге ийе болып, 2024-жылда 7 илим докторы (DSc), 30 философия докторы (PhD) диссертация жумысы қорғалды. Ҳәзирги ўақытта институттың илимий потенциалы 40 процентти қурайды.
Институтта студентлердиң теориялық билимлерин беккемлеў ҳәм әмелий көнликпелерин арттырыў арқалы маман кадрлар болып жетисиўи ушын барлық шараятлар жаратылған.
Илаж қатнасыўшылары дәслеп институттың Технологиялық тәлим кафедрасының оқыў устаханасына алып барылды. Бул оқыў-устаханасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 22-ноябрьдеги «Ислам раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң техникалық базасын беккемлеў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде жәми 70 мың АҚШ долларына шамалас қаржы есабынан заманагөй әсбап үскенелер менен тәмийинленди.
Оқыў устаханасының аспазлық, темирди қайта ислеў, ағашты қайта ислеў, тигиўшилик сыяқлы бөлмелеринде студентлер теориялық билимлерин әмелият пенен беккемлемекте. Бул жерде оқыў ҳәм әмелият сабақларынан тысқары, студентлер ушын дөгерек жумыслары да алып барылады. 100 ден аслам студентлер усы дөгереклерде бос ўақытларын нәтийжели өткермекте. Ҳәзирги ўақытта устаханада робототехника бойынша әмелият бөлмесин шөлкемлестириў жумыслары көрип шығылмақта.
Тәбийғый пәнлер факультети биология тәлим бағдарында билим алып атырған студентлер ушын шөлкемлестирилген оқыў лабораториясы медиа-турдың екинши мәнзили болды.
Бул жерде студентлер, магистрантлар, докторантлар ҳәм профессор-оқытыўшылардың лабораториялық жумысларын алып барыўы ушын Ислам раўажланыў банки қаржылары есабынан 592 миллион сум, сондай-ақ, 27 мың АҚШ доллары муғдарындағы ең соңғы заманагөй лабораториялық техникалар ҳәм әсбап-үскенелер алып келинди.
– Мен институттың биология тәлим бағдарының 4-курсында оқып атырман. Бүгин лабораторияда балықлардың түрлери, олардың дүзилиси бойынша әмелий сабақ өтилмекте. Лаборатория барлық керекли заманагөй үскенелер менен тәмийинленгени, усындай әмелий сабақларды өткенимизде үлкен пайдасын тийгизип атыр. Ҳәзирги ўақытта мен собықлы егинлер бойынша илимий жумыс пенен де шуғылланып атырман. Әмелиятта ҳәм илимий жумысымда лабораториядағы мүмкиншиликлерден де кеңнен пайдаланып атырман,-дейди Қумар Масуатдинова.
Медиа-тур қатнасыўшылары институттың 90 жыллығы қарсаңында пайдаланыўға тапсырылған жаңа оқыў имаратында да болып, бул жерде Физика-математика факультетиниң механика, молекулярлық физика, оптика, электромагнетизм, атом ҳәм элементар бөлекшелер физикасы, физиканы оқытыў методикасы сабақларына арналған лаборатория ханалары менен танысты.
Факультеттеги лаборатория бөлмелери 2019-жылы Германия Федератив Республикасының «LD Didactic GmbH» компаниясы тәрепинен алып келинген әсбап-үскенелер менен тәмийинленген болып, профессор-оқытыўшылар лаборатория сабақларын белгиленген график тийкарында өтип, жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Ҳәзирги ўақытта факультетте атом ҳәм элементар бөлекшелер физикасы, астрономия ҳәм астрофизика пәнлеринен лабораториялық жумыслар ушын пайдаланатуғын әсбап-үскенелерди алып келип орнатыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Буннан соң ғалаба хабар қураллары ўәкиллери институттың IT-инкубация орайының жумыслары менен де танысты. Бул орай студентлер ушын жоқары технологиялы стартап жойбарларды ислеп шығыў ушын платформа болып, студентлер ушын ҳәр қыйлы консультациялар, жарыслар, хакатон ҳәм семинарлар шөлкемлестириледи. IT-инкубация орайы жасларға басланғыш экосистема ҳаққында тийкарғы ҳәм фундаментал билимлерди бериў менен бирге, оларға өзлерин мәлимлеме технологиялары тараўында исбилермен сыпатында көрсетиўге көмеклеседи.
Медиа-тур даўамында журналистлер ҳәм жәмийетшиликтиң белсенди ағзаларына оқыў лабораториялары менен биргеликте илимий лабораториялардың жумысларын жолға қойыў бағдарындағы исленип атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Илаж даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги