Өзбекстан ҳәм Пакистанның үлкен потенциалына ийе экономикасы бири-бирин толтырады

224

Ташкент қаласындағы Халықаралық конгресс орайында 26-февраль күни Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шарифти рәсмий күтип алыӯға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, минберге мирәт етти. Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң гимнлерин атқарды.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялар  қатнасыӯында сөйлесиӯлер өткерди.

Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң барлық бағдарлары көрип шығылды.

Сөйлесиў алдында Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф шын кеўилден қабыллағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекет басшылары кейинги жыллары көп тәреплемели бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жедел сиясий сөйлесиўлер, нәтийжели парламентлераралық ҳәм уйымлараралық алмасыўлар даўам етпекте.

2024-жылы товар алмасыў көлеми 400 миллион доллардан асты, биргеликтеги кәрханалардың саны 130 ға жетти. Карачи ҳәм Ташкентте саўда үйлери ашылды. Ташкент ҳәм Лаҳор арасында тиккелей авиақатнаўлар тикленди.

Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, бизнес форумлары ҳәм Өзбекстан миллий санаат көргизбеси табыслы өткерилди.

Сөйлесиўлерде саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Қабыл етилген «жол картасы» тийкарында товар алмасыў көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлар дизимин кеңейтиў, фитосанитария ҳәм карантин талапларын, бажыхана тәртип-қағыйдаларын өз-ара әпиўайыластырыў, стандартларды жақынластырыў, электрон саўда платформаларын интеграциялаў, сатып алыўларда қатнасыў имканиятын тәмийинлеў, банклераралық есап-санақлар механизмлерин жетилистириў ҳәм басқалар баслы ўазыйпалар сыпатында белгиленди.

Жетекши компаниялардың фармацевтика, электротехника, аўыл хожалығы машина қурылысы, геология ҳәм минерал ресурслар, тоқымашылық, былғары санааты ҳәм басқа да тармақларда кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў режелери көрип шығылды.

Аймақлар арасындағы исбилерменлик ҳәм мәдений байланысларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда еки мәмлекет аймақлары форумын өткериўди усыныс етти.

Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты күшейтиў ҳәм транзит имканиятын жүзеге шығарыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Кейинги бир неше жылда «Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан» мултимодаль коридоры арқалы жүк тасыў көлеми 5 есеге көбейгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жүк айланысы көлемин және де арттырыў мақсетинде транспорт-логистика компаниясын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелде орынлаў мақсетинде биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин быйыл июль айында Лаҳор қаласында өткериўге келисип алынды.

Тәреплер мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм алмасыўын және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы мәниде, өз-ара Мәденият ҳәптеликлери ҳәм туризм бағдарламаларының презентацияларын өткериўге келисип алды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, ШБШ ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти ҳәм Пакистан Бас министри терроризм, радикализм, исламофобия ҳәм қәўипсизликке қәўип салып атырған басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Кең көлемли бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын ислеп шығыў мақсетинде Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның биринши мәжилисин келеси жылы өткериўге келисип алынды.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер соңында ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сөйлесиўлер соңында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф көп тәреплемели Өзбекстан-Пакистан бирге ислесиўин және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған Биргеликтеги декларация ҳәм еки тәреплеме Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин дүзиў ҳаққындағы билдириўге қол қойды.

Еки мәмлекет жетекшилери қатнасыўында сапар даўамында қол қойылған төмендеги ҳүжжетлер алмасылды:

– Илим, техника ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Дипломатиялық паспорт ийелериниң визасыз сапарлары ҳаққындағы келисим;

– Ишки ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

– Профессионал билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

– Жасларға байланыслы сиясат тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

– Миллий мәлимлеме агентликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– дипломатиялық академиялар, Ташкент ҳәм Лаҳор қалалары арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер ҳәм биргеликтеги шешимлер ҳәм басқа ҳүжжетлер.

Ғалаба хабар қураллары ӯәкиллери менен ушырасыӯда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф болып өткен сөйлесиӯлер жуӯмағына түсиник берди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында ушырасыўлар нәтийжели болғанын айрықша атап өтип, бул тарийхый сапар Өзбекстан – Пакистан стратегик шериклигинде жаңа бет ашыўын атап өтти.

Өзбекстан Президенти кейинги жыллары еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып барып атырғанын жоқары баҳалады.

Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, бир қатар исбилерменлик илажлары ҳәм Өзбекстан санаат көргизбеси табыслы өткерилди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер даўамында тәреплер көр тәреплемели бирге ислесиўдиң жаңа “өсиў ноқатлары”н белгилеп алғаны, Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириўге келисип алынғаны атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин кескин арттырыў ҳәм номенклатурасын кеңейтиў, санаат кооперациясын күшейтиў, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты раўажландырыў, бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм оған қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери дыққат орайында болды.

Глобал ҳәм регионаллық структуралар, соның ишинде, Бирлескен Ммллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқалар шеңбериндеги тығыз байланыслар ҳәм өз-ара  қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге келисип алынды.

Аўғанстанды тыныш раўажландырыў, Палестина мәселесин дипломатиялық жол менен шешиў бойынша позициялар тығыз екени атап өтилди.

Соның менен бирге, қәўипсизлик тараўында, терроризм, трансмиллий жынаятшылық, нәшебентлик элементлердиң нызамсыз түрде айланыўы ҳәм басқа заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиўден еки тәреп те пайдалы екени билдирилди.

Сөйлесиўлерде мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Мәденият ҳәм көркем өнер фестивальларын өз-ара өткериў, саяхатшылар ағымын, соның ишинде, “Умра плюс” бағдарламасы шеңберинде асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф Өзбекстан –Пакистан бизнес форумында қатнасты.

Илажда еки мәмлекет жетекши компанияларының 300 ге шамалас басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты. Пакистан тәрепинен “Al-Rafique Enterprises,” “Mehran Dates Products”, “Brighto Chemicals”, “Transfopower Industries”, “FWO”, “T.M.C”, “Pakistan Mobile”, “TCS” ҳәм басқа көплеген компаниялар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде болып өткен нәтийжели сөйлесиўлерде көп тәреплемели шерикликти және де кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланғаны, үлкен реже ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынғанын атап өтти. Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин дүзиўге келисип алды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў еки тәреплеме байланыслардың “локомотиви”  сыпатында белгиленди.

-Үлкен потенциалға ийе болған экономикаларымыз бири-бирин толықтыра алады,-деди Президентимиз.

Өткен жылдың жуўмақларына бола, товар алмасыў көлеми сезилерли дәрежеде артты, бир қатар ири биргеликтеги компаниялар жумыс алып бармақта. Усы тәрептен Өзбекстан Пакистанның Орайлық Азиядағы ең ири саўда шеригине айланды.

Соңғы жыллары бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша илажлар жедел әмелге асырылмақта. Лаҳор менен авиақатнаўлар тикленди, рейслер санын көбейтиў ҳәм пәрўаз географиясын кеңейтиў режелестирилген. Бизнес форумлары, санаат көргизбелери өткерилмекте. Карачи ҳәм Ташкент қалаларында саўда үйлери шөлкемлестирилген.

Өзбекстан –Пакистан бирге ислесиўи жаңа жойбарлар менен байымақта. “Pak Merit”, “Diamond Group”, “Silk-way”, “Getz Pharm”, “Gerbion”, “NLS” ҳәм басқа компаниялар менен жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы еки тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша бир қатар усынысларды алға қойды.

Бәринен бурын, жылына кеминде еки мәрте –Өзбекстан ҳәм Пакистан бизнес ўәкиллерин кеңнен тартқан ҳалда исбилерменлик илажларын турақлы түрде өткерип барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Географиялық  жақынлықты есапқа алып, товар алмасыў көлемин кескин арттырыў, соның ишинде, әмелдеги Жеңилликли саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлар номенклатурасын әпиўайыластырыў, банклер аралық есап-санақлар механизмлерин жетилистириў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Қытайды Орайлық Азия менен байланыстыратуғын темир жол қурылысы басланғаны миннетдаршылық пенен атап өтилди. Келешекте бул стратегиялық  жол Пакистан портларына алып шығыўы мүмкин, бул болса өз-ара саўда ҳәм инвестицияларды сезилерли дәрежеде арттырыўға хызмет етеди.

Санаат кооперациясын жедел раўажландырыў мәмлекетлеримиздиң түпкиликли мәплерине сәйкес.

Аймақлараралық бирге ислесиў потенциалынан нәтийжели пайдаланыў керек екенлиги атап өтилди. Усы мәнисте, аймақлар басшыларының өз-ара келиўлерин жеделлестириў, онда еки мәмлекет исбилермен шеңберлерин кеңнен тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Пакистан бас министри Шаҳбоз Шариф, өз гезегинде, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бағдарламасын , сондай-ақ, бизнес жүргизиў ушын жаратылған шараятларды жоқары баҳалап, шерикликти кеңейтиў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин атап өтти.

Соның менен Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға рәсмий сапары жуўмақланды.

ӨзА