Енди МБШ тәрбияшылары да үстеме алыўға даўагерлик етиўи мүмкин

Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына педагогларды аттестациядан өткериў, кәсиплик сертификатлаў ҳәм хошаметлеў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, министр қорынан ҳәр айлық үстеме алыў ушын талабанлар дизими алдынғыдай аймақлық кеңеслер усынысы тийкарында қәлиплестрилмейди. Сынақларда барлық сабақ оқытыўшылары қатнасыўы мүмкин. Алдын МБШ тәрбияшылары үстеме алыўға даўагерлик ете алмайтуғын еди, енди олар да сынақларда қатнасып үстеме алыўы мүмкин.
Педагог кадрларға тариф ставкаларының әмелдеги муғдарларына 70 процент муғдарда қосымша ҳақы төлениўиниң тәртиби тастыйықланды. Оған бола, маманлық категория тест сынақларында қатнасып, (еки басқышта), жоқары ҳәм биринши маман категориясына ерискен (ямаса сақланған) ҳәм 86 оннан жоқары балл топлаған педагогларға бериледи.
Енди Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен берилетуғын улыўма билимлендириў сабағын билиў дәрежеси ҳаққында сертификатқа ийе болған педагогларға гезектеги мәжбүрий аттестацияның биринши басқышы (қәнигелик сабағы ҳәм кәсип стандарты) бойынша қәниге сынағынан азат етиледи.
М.Тошқороева, ӨзА