Диний тараўдағы сиясат концепциясы тастыйықланды

Пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясы тастыйықланды.
«Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Нызам (ӨРН-1037-санлы, 25.02.2025-ж.) қабылланды.
Нызамға бола, Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясы тастыйықланды.
Концепция ҳүждан еркинлигине болған ҳуқықты ҳәм Өзбекстан Республикасы дүньялық мәмлекет екенлигине байланыслы қағыйдаларды жүзеге шығарыў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, ўазыйпалары, принциплерин ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилейди.
Концепция мәмлекетшилигимиз раўажланыўының бай миллий-тарийхый тәжирийбесине ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға сүйенген ҳалда ислеп шығылған болып, көп миллетли ҳәм көп конфессиялы Өзбекстанда улыўма жәмийеттиң мәплерин жүзеге шығарыў, демократия, дүньялық, еркинлик, теңлик, социаллық әдалат ҳәм татыўлық тийкарында өз-ара татыўлықта жасаў ҳәм избе-из раўажланыў ушын зәрүр турақлы орталықты тәмийинлеўге қаратылған.
Өзбекстанда диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети пуқаралардың ҳүждан еркинлигине болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын тең шараятлар жаратыўдан, ҳәр қыйлы динлерге тийисли диний шөлкемлер арасында өз-ара келисим ҳәм ҳүрмет орнатылыўына жәрдемлесиўден, конфессиялараралық татыўлықты беккемлеўден ибарат, жәмийетте диний кеңпейиллик ҳәм дүнялылықты тәмийинлеўден ибарат, делинеди түсиндириўде.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги