IT -аутсорсинг экосистемасын жаратыў бойынша жаңа имканиятлар презентация етилди

Санлы технологиялар министрлиги ҳәм IT Park Uzbekistan тәрепинен «Offshore Outsourcing Conference» халықаралық конференциясы шөлкемлестирилди.
Илаж Өзбекстаннан IT –хызметлерди жкспорт етиў ҳәм турақлы глобал IT- аутсорсинг экосистемасын жаратыў бойынша жаңа имканиятларды додалаў мақсетинде шөлкемлестирилди. Конференция 250 компаниядан 280 нен аслам мийманлар, соның ишинде, халықаралық ҳәм жергиликли IT-корпорациялардың ўәкиллери ҳәм тараў экспертлерин бирлестирди.
Қатнасыўшылар профессионал сәўбети, тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа бизнес шериклерди табыў ушын имканиятқа ийе болды.
Илаждың тийкарғы өзгешеликлеринен бири дүнья IT –санаатының жетекши ўәкиллери менен қатнасықлар орнатыў, глобал базарларға шығыў ушын жаңа бирге ислесиўшилер ҳәм тутыныўшыларды излеп табыўдан ибарат.

Буннан тысқары, қатнасыўшылар Өзбекстанда халықаралық бизнес ушын жаратылған имканиятлар менен танысты.
Илажда санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов қатнасты.
– Президентимиз тәрепинен 2017-жылы Өзбекстанды IT –хабқа айландырыў бойынша узақты гөзлеп жоқары мақсет қойылған еди. Өзбекстанда сырт елли капитал қатнасыўындағы IT – компаниялардың саны оннан да аз еди. Ҳәзирги күнге келип болса ҳәр айда 30ға шамалас сырт елли IT – компаниялар елимизде өз жумысын басламақта, – деди министр.
IT Park Uzbekistanның халықаралық бирге ислесиў ушын усыныс ететуғын имканиятлары, сондай-ақ, санаатты раўажландырыўда мәденият ҳәм инновациялардың орны додалаў темасына айланды.
Илажда IT Park қәнигелери аймақларда IT –инфраструктураны раўажландырыў, резидентлерди қоллап-қуўатлаў, бизнести дизимнен өткериў ҳәм мәмлекеттиң мийнет нызамшылығы ҳаққында мағлыўматлар берди.
Н.Раҳманова, ӨзА