Өзбекстан Президенти Түркия Президенти менен телефон арқалы сөйлести

216

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-февраль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййиб Эрдоғанды туўылған күни  менен қызғын  қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия жетекшисине денсаўлық, абаданлық, туўысқан түрк халқының турақлы раўажланыўы жолындағы жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар тиледи.

Заманагөй Түркияның қурылыўында, мәмлекеттиң глобаллық көлемдеги абырайының артыўында, Өзбекстан-Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларында бүгинги жоқары дәрежеге көтерилиўинде Президент Режеп Таййип Эрдоғанның орны ҳәм жеке үлеси айрықша атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел, нәтийжели сөйлесиўлер ҳам алмасыўлар даўам етип, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиў потенциалы артып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Инвестициялар, инновациялар, энергетика, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда биргеликте кооперациялық жойбарларды алға қойыўдың әҳмийети атап өтилди.

Мәмлекет басшылары Жоқары дәрежедеги стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги болажақ саммитлердиң күн тәртибин таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Сөйлесиў жуўмағында жетекшилер пүткил мусулман үммети ушын муққаддес болған Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен бирин-бири қутлықлап, дос Өзбекстан ҳәм Түркия халықларына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

ӨзА