Ең зийрек китапқумарлар сыйлықланды

261

2024-жылдың 17-ноябрь күни Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте «Китаплар әлеминде 80 күн» марафонына старт берилип, усы жылдың 18-феврал күни жуўмағына жеткен еди.

Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайында таңлаўда жеңимпазларын  сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайы директоры И.Шараповалар жеңимпаз жасларды қызғын қутлықлап, соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында жаслар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў бойынша алып барылып атырған мәмлекетлик сиясатты жоқары баҳалап, олардың унамлы нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып берди.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында,  кегейлиши Шахзада Нурымбетова биринши орынды ийелеўге еристи.


Екинши ҳәм үшинши орынларды Сәрбиназ Төрениязова ҳәм Икрам Өтебаевлар ийелеўге миясар болды.

Таңлаў соңында жеңимпазлар ҳәм оған белсене қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Жибек Тлеубаева,

Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайының бөлим меңгериўшиси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги