Чемпионат жеңимпазлары анықланды

322

Нөкис қаласында волейбол бойынша 17 жастағы жаслар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан командалар қатнасып жеңимпазлық ушын беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, жигитлер арасында барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған  Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы командасы биринши, Әмиўдәрья районы командасы екинши ҳәм берунийли жаслар үшинши орынды ийелеўге еристи.

Ал, қызлар арасында болса, Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебиниң командасы биринши орынды жеңип алды.

Чемпионаттың сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлары болса, республикалық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт түрлерине таярлаў орайы ҳәм Қараөзек районы командалары ийелеўге еристи.

Жарыс жуўмағында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар  менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги