Өзбекстан ҳәм Қытай: нефть-газ тараўында бирге ислесиў беккемленбекте

295

Кеше «Asia Trans Gas» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (ЖШЖ) қоспа кәрханасы шөлкемлестириўшилери – «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети ҳәм Қытайдың «Trans-Asia Gas Pipeline Co. Ltd» компаниясы басшылары арасында сөйлесиўлер болып өтти.

Ушырасыўда тәреплер «Asia Trans Gas» ЖШЖ қоспа кәрханасының жумысы еки мәмлекет арасындағы беккем бирге ислесиўдиң әмелий көриниси екенин атап өтти.

Сөйлесиў даўамында қоспа кәрхананың кейинги жыллардағы жумысы, ерисилген нәтийжелер ҳәм быйылғы тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

«Trans-Asia Gas Pipeline Co. Ltd» компаниясының басқарма баслығы қоспа кәрхананың жумысын буннан былай да нәтийжели шөлкемлестириў, 2025-жылы қәрежетлерди үнемлеў ҳәм бизнес режени қайта көрип шығыў бойынша усыныс билдирди.

Бул усыныс жәмийет басшылығы тәрепинен мақулланды.

Ушырасыў жуўмағында додаланған мәселелер бойынша шөлкемлестириўшилердиң протоколы тастыйықланды ҳәм онда қоспа кәрхана алдында турған анық ўазыйпалар белгилениўине келисип алынды.

Жәмийеттиң мәлимлеме хызметине бола, тәреплер келешекте биргеликтеги жойбарларды таллаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Қытайдың нефть-газ тараўындағы жетекши компанияларының басшылары менен сөйлесиўлерди даўам еттиреди.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзАның хабаршысы