Пуқаралық жәмийети институтларының тийкарғы ўазыйпалары тастыйықланды

263

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Бизге белгили, «Өзбекстан-2030» стратегиясы, 2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясының орынланыўын тәмийинлеў  мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-августтағы пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қайта шөлкемлестирилген.

Пәрман менен Жәмийетлик фондтың қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы ҳәм Жәмийетлик фондқа пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен жаңа системада қоллап-қуўатлаўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслер ушын 2024-жылы октябрь айында болып өткен сайлаўдан кейин депутатлар ҳәм Сенат ағзаларынан қәлиплестирилген жаңа қурамдағы Парламент комиссиясының дәслепки мәжилисинде пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың ашық-айдын ҳәм саламат бәсеки принципине тийкарланған жаңа системасының жаратылғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста пуқаралық жәмийети институтларының белсендилигин және де арттырыў, орынлардағы әҳмийетли машқалаларды шешиўге қаратылған басламаларды жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў, мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шерикликти раўажландырыў, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында тәсиршең жәмийетлик қадағалаў алып барыўды қоллап-қуўатлаў сыяқлылар пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленген.

Мәжилисте Жәмийетлик фондтың 2024-жылдағы жумысы талланып, 2025-жылдағы жумысының тийкарғы бағдарлары додаланды. Айтылғанындай, усы жылы пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасы енгизилмекте.

Мәселен, Парламент комиссиясы ағзалары ҳәм Жәмийетлик фонд ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар аймақларға барып, халық пенен сөйлесиўлер шөлкемлестирген ҳалда оның талапларын, социаллық тараў ҳәм мәҳәллелер системаларындағы анық машқалаларды үйрениўи ҳәм олардың шешимлери бойынша усыныслар ислеп шығыўы белгиленген. Таллаўлар нәтийжесине бола, ҳәр бир аймаққа мөлшерленген, машқалалардың мәнзилли ҳәм нәтийжели шешимине қаратылған таңлаўларды жәриялаў режелестирилмекте.

Таңлаўлардың ашық-айдынлығын ҳәм процесслердиң оперативлигин тәмийинлеў мақсетинде болса мәмлекеттиң социаллық буйыртпасы ҳәм грантларын ажыратыў менен байланыслы барлық процесслер ngo.gov.uz бирден-бир платформасында әмелге асырылады. Ендигиден былай бул платформа арқалы талабан шөлкемниң жойбарды тапсырыўы, Парламент комиссиясы тәрепинен көрип шығыў ҳәм баҳалаў процесслерин бақлап барыў, додалаўларда болса тиккелей қатнасыў имканияты да бар.

Мәжилис соңында Парламент комиссиясы тәрепинен 2025-жыл ушын «Өзбекстан – 2030» стратегиясы, 2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы» мәмлекетлик бағдарламасында нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының қоршаған орталықты қорғаў, халықтың денсаўлығын сақлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлардағы әҳмийетли баслама ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар бағдарламалар қабыл етилди.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы