«Жүўери гүртик күни» кең түрде белгиленди

316

Ҳәр бир миллеттиң өзиниң миллий тағамлары, үрп-әдетлери келешек әўладларымыз ушын мийрас болып киятыр.

Ҳәр жылы Республикамызда 25-февраль күни миллий тағамларымыздан «Жүўери гүртик күни» кең түрде белгиленбекте.

Қараөзек районында да, миллий тағамымыз «Жүўери гүртик» ти таярлаўда, аймақтағы 13 мәҳәллениң  ҳаял-қызлары белсене қатнасты.

Байрамға қатнасыўшыларды район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм сектор басшылары қызғын қутлықлап, таярланған тағамлардан дәм татты.

Сондай-ақ, байрамда қарақалпақ халқының миллий тағамлары, йошлы қосықлары, қол өнерлери де орын алған.





Ошақта писирилген баўырсақ, қуўырылған балық, сүзбе, сүмелек, жүўери гүртик сыяқлы миллий тағамлар бәрше қатнасыўшыларда жоқары кейпият оятты.

Байрам илажы йошлы қосықлар менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги