Жәрийма баллары 12 баллдан артса, айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады

324

АОКАда Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети басшысының қатнасыўында баспасөз әнжуманы өткерилмекте.

Онда «Жол ҳәрекети қәўипсизлик системасы жетистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамның мазмуны ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, жәрийма баллары 12 балдан артса, айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады

Нызам менен, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаларға бола төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди:

Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлар бойынша есапланатуғын баллары белгиленген муғдардан артқаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланылыўы;

Онда:

-Белгиленген ҳуқықбузарлықлар исленгени ушын транспорт қуралының айдаўшысына усы ҳуқықбузарлықларда нәзерде тутылған тийкарғы жаза менен бирге жәрийма баллары есапланады. Бунда исленген ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын есапланатуғын жәрийма балының ең жоқары муғдары 2 баллдан артпаўы керек.

-Жәрийма баллары белгиленген ҳуқықбузарлықлардан бири биринши рет исленген күннен баслап бир жыл даўамында есаплап барылады. Бул статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар ушын есапланған жәрийма баллары бир жыл өткеннен соң транспорт қуралының айдаўшысынан автоматластырылған түрде шешиледи.

-Есапланған жәрийма баллары бир жыл даўамында 12 баллдан артқан жағдайларда, соңғы рет исленген ҳуқықбузарлық ушын белгиленген тәртипте қосымша жаза бойынша айдаўшы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылады. Бундай ҳуқықтан айырыў мүддети 6 айдан аз болмаўы белгиленди.

ӨзА