Оман менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

252

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-февраль күни Оман Патшалығы сыртқы ислер министри Бадр бин Ҳамад ал-Бусаидийди қабыл етти.

Сөйлесиў алдында министри мәмлекетимиз басшысына Оман  Патшасы Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидтиң қызғын сәлемин ҳәм хатын жеткерди.

Еки мәмлекет  арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестиция-қаржы тараўларындағы шериклик потенциалын әмелге  асырыў мәселелери  көрип шығылды.

Уйымлараралық ҳәм исбилерменлик қатнасықлары  жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалардың саны артпақта, еки мәмлекет жетекши компанияларының қатнасыўындағы бизнес илажлары турақлы өткерилмекте.

Өзбекстан-Оман инвестиция компаниясы портфелин жаңа кооперация жойбарлары есабынан кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Усы жылдың апрель айында Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм биргеликтеги бизнес форумы өткериледи.

Буннан тысқары, парламентлераралық қатнасықларды, мәдений-гуманитарлық алмасыўды раўажландырыў, тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў  әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, быйылғы жыл май айында Самарқанд қаласында  өткерилетуғын “Орайлық Азия – Қолтық мәмлекетлери” сөйлесиўиниң екинши саммитине таярлық бойынша пикир алысылды.

ӨзА