Шоманайлы өнермент ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар имканиятлардан үнемли пайдаланбақта

417

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке бағдарлаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып, «Ҳаял-қызлар» дәптерине киргизилген ҳаял-қызларға жеңиллетилген кредитлер менен субсидиялар ажыратылып, бул бағдарда жақсы нәтийжелерге ерисилип келинбекте. Бундай нәтийжели жумыслар Шоманай районында да көзге тасланып, райондағы жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинлениўи ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар бойынша олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.

Қарақалпақ ҳаял-қызлары әзелден өнерли, талапшаң, үй жумысларына епшил мийнеткеш болып келген. Кемпир апам менен анамның  гүби писип, май шығарып, торақ ислеп, кели түйип оннан ийжан, тақан ислеп, қой-ешкиниң түбитинен уршық ийирип, жип шығарып, ҳәр қыйлы кийим-кеншеклерди тоқығанын  балалықта көп көргенмен. Бул буннан қырық жыл алдынғы мениң балалығымдағы ўақыялар. Ал, ҳәзирше. Ҳәзир арамызда усындай жумысларды ислеп, таза экологиялық өнимлерди пайдаланып, шаңарағына  қосымша дәрамат таўып, өзиниң бәнтлигин тәмийинлеп отырған ҳаял-қызлар арамызда бар ма?. Әлбетте бар. Биз бундай пидайы өнермент ҳаял-қызларды Шоманай районында хызмет сапары менен болғанымызда да көрип гүўасы болып, олардың мийнеткешлигине қайыл қалып қайттық.

Шоманай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында  Медиа-тур шөлкемлестирилип, онда райондағы өнерментшилик ҳәм ҳәр қыйлы исбилерменлик жумыслары менен өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызлардың турмысы менен таныстық.

Медиа-турдың басламасында район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял қызлар бөлими баслығы Т.Қаллықыличева ҳәм Мәлимлеме хызмети баслығы Ш.Абдирахманов пенен биргеликте «Наўрыз» МПЖ аймағында жасаўшы Базаргүл Бекбосынованың шаңарағында болып, үй қапталындағы қыйтақ жеринен үнемли пайдаланып отырғанлығы менен таныстық. «Ҳаяллар дәптери» не кирген ол мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ушын жаратылған имканиятлар тийкарында 2021-жылы ыссыхана қурып, жылына төрт мәрте өним жетистирип, шаңарағына қосымша дәрамат таўып келмекте. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаулы қарары тийкарында райондағы «Ҳаял-қызлар дәптери» ндеги ҳаял-қызлар қатарында оған да субсидия арқалы инкубатор берилип, шөже шығарып, қусшылық пенен де шуғылланып келмекте. Ал, жақында замарық жетистириў менен де шуғылланып баслаған ол мәмлекетимиз тәрепинен  халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ушын жаратылған имканиятлардан кеўли толмақта.

Жасы жетписке шамаласып қалған өнермент апа Алтынай Наўбетованың қол өнерментшилик буйымлары тек ғана бизиң елимизде емес ал, қоңсылас мәмлекетлер менен бирге Япония, Англия, Австралия, Корея мәмлекетлерине де белгили. Шәкиртлери менен биргеликте түйе ҳәм қой жүнин қайта ислеп, оннан жип ийирип, ҳәр қыйлы кийим-кеншеклер менен бирге қара үйдиң ақ басқуры  менен гилем ҳәм алашалар, ҳәттеки аяқ кийимлерди де тигип таярлап атырған Алтынай апаның өнерментшилик буйымларының қарыйдары көп. Сондай-ақ ол өткен 2024-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен жәрияланған грант таңлаўында «Өнерлиниң қолы алтын» атамасындағы жойбары менен қатнасып, 100 миллион сум утып алыўға еристи. Сол жойбар тийкарында кооперация щөлкемлестирип, ҳәзирги ўақытта жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге еристи.

-Бул өнерди кемпир апамнан үйренгенмен,-дейди ол. «Өнер өмир азығы» дегениндей, мине өнерим арқалы қызларым, ақлықларым менен бирге шаңарағымызға қосымша дәрамат таўып келмектемиз.  Миллий қол өнеримиз умытылып кетпеслиги ушын усы күнге шекем жүзден аслам ҳаял-қызларға өнер сырларын үйретип, шәкирт таярладым. Ҳәзирги ўақытта шәкиртлеримниң көпшилиги өзин-өзи бәнт етип үйлеринде усы өнер менен шуғылланып келмекте.  Экологиялық таза өнимлер болған түйе ҳәм қой жүнинен таярланған буйымларға жергиликли халық пенен бирге сырт елден келетуғын туристлердиң де қызығыўшылығы жоқары. Ҳәр жылы туристлер келип,  усы өнер сырларын бизлерден үйренеди ҳәм денсаўлыққа пайдалы деп буйымларымыздан сатып алып кетеди.

Жумыссыз қарап жатыўды өзине еп көрмеген Камила Қайырова өзи жасап атырған «Мәденият» аўылындағы ҳаял-қызлар белсендиси менен мәсләҳәтлесип, бес миллион сум жеңиллетилген  кредит алып, қоян бағыўды жолға қояды. Шаңарақ ағзалары менен биргеликте дәслеп алған жети қоянның күтимин берип қарағанлықтан бүгин қоянларының саны 200 ге шамаласқан. Дәраматы жақсы болған бул исине қосымша үйинде ҳәр қыйлы гүллер менен клубника жетистирип, бираз ўақыттан берли шуғылланып келмекте.

Айбүйир АПЖда жасаўшы Гүлмира Жадигерова өзиниң өнери арқасында мәмлекетимиздеги ҳаял-қызлар ушын жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып, қысқа ўақыттың ишинде «Ҳаял-қызлар» дәптеринен шығып, өзиниң өнерментшилик жумысларын жолға қойған қолы гүл шебер қыз. Үй алдындағы қараүйдиң ишин  қол өнеринен дөретилген қарақалпақ халқының миллий кийим-кеншеклери, қурақ көрпешелер ҳәм ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған буйымлар менен безеп қойған оның шеберлигине тәсийин қалдық.

-Өнеримди раўажландырыў ҳәм  дәрамат табыў ушын мәҳәлледеги ҳаял-қызлар белсендисине барып, жәрдем сорадым. Ол имканиятлар менен таныстырды. Ҳәким жәрдемшисиниң усынысы тийкарында субсидия тийкарында тигиў машинасын алдым . Жумысымды жолға қойып, миллий кийимлерди тигип басладым ҳәм   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен жәрияланған грант таңлаўына «Шебер қыздың өнери» деген жойбарым менен қатнасып жүз миллион сум  утып алдым. Жаңа заманагөй үскенелер алып, жумысымды кеңейттим ҳәм 20 қызды тигиўшилик сырлары бойынша оқыттым. Ҳәзир жумыссыз бес ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўге еристим. Қол өнерлеримизге деген қарыйдарлардың талабы күшли. Қоңсылас республикалардан да буйыртпалар келип түспекте,-дейди Гүлмира.

«Изленгенге имкан көп» дегениндей, мәмлекеттен жәрдем сорамай-ақ, мийнети менен ҳәрекет етип, шаңарағына дәрамат таўып отырған Жақсыбийке апа Сейтниязованың ислеген тақаны менен ийжаны, зағарасы менен торақларының мазасы жеген адамның аўзында қалады. «Наўрыз» МПЖда жасаўшы ол өмирлик жолдасы  Тажибай ата Бабажанов пенен жети перзентти тәрбиялап, қатарға қосып, олардан ақлық-шаўлықлар сүйип отырған ибратлы шаңарақтың басшылары. Жақсыбийке апа келинлери, қызлары менен кели түйип, дигирман тартып, гүби писип, май алып базарға денсаўлыққа пайдалы болған өнимлерди апарып сатып, шаңарағына қосымша дәрамат таўып келмекте.

Медиа-тур даўамында «Бег жап» АПЖ да жайласқан «Шоманай Меридиан» ЖШЖ ға қараслы заманагөй ыссыханада  болып, ол жердеги шараятлар менен таныстық. Бир ўақытлары айырым себеплерге байланыслы жумысы тоқтап қалған ыссыхананы район ҳәкимлиги тәрепинен  қайта тиклеў мақсетинде  исбилерменге берилген. Теплицаның бир гектар жерине Иран технологиясы тийкарында клубника егиўге таярлап қойылған болса, бир гектар жерине Корея технологиясы тийкарында помидор ҳәм болгар бурышы егилип, тәрбиясы берилмекте. Қуўанышлы тәрепи, бул жерде жумыссыз жигирма ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленген. Гүллеў алдында турған помидорлар март айының ақырларына писип жетилисиўи күтилмекте.






















Бир күн даўам еткен Медиа-тур жүдә мазмунлы болып өтти. Илаж  даўамында райондағы ҳаял-қызлардың өнерментшилик, исбилерменлик жумыслары менен танысар екенбиз, оларға мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлардан үнемли пайдаланыў ушын шаңарақ ҳәм  ҳаял-қызлар бөлими ҳәм  ҳәким жәрдемшилери тәрепинен дурыс бағдар ҳәм жәрдемлер берилип атырғанлығының гүўасы болдық. Өзин-өзи бәнт етиў арқалы шаңарағына қосымша дәрамат таўып ҳәм халыққа хызмет көрсетип киятырған белсенди ҳаял-қызлар ҳәр қандай мақтаўға ылайықлы. Алдағы ўақытларда бул жумыслар район ҳаял-қызлары турмысында жаңа табыслар ҳәм жаңалықлар  менен даўам етеди деген исеним ҳәм үмитлер менен пайтахтқа қара жол алдық.

Гүлнара Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери