«Alibaba» Қытайда жасалма интеллект инфраструктурасын раўажландырады

Қытайдың «Alibaba Group» интернет-компаниясы жасалма интеллект ушын аппарат инфраструктурасын жаратыўға 380 миллиард юаннан (шама менен 53 миллиард доллар) көбирек инвестиция киргизеди, деп хабар тарқатты «синхуа» мәлимлеме агентлиги.
Қытайдың «Пэнпай» басылымы «Alibaba»ның бул инвестициясы мәмлекет жеке меншик кәрханаларының жасалма интеллект инфраструктурасын жаратыўға киргизген инвестициялары көлеми бойынша рекорд екенин атап өтти.
Басылымның жазыўынша, «Alibaba»ның инвестиция бойынша қарары еки әҳмийетли фактор тийкарында қабыл етилген. Олардан бири Қытайда жасалма интеллект санааты жүдә тез пәтлерде өсип атырған болса, екиншиси февральда болып өткен ҳүкимет ўәкиллери, соның ишинде, ҚХР Баслығы Си Цзиньпин ҳәм мәмлекеттиң ири жеке меншик компаниялары басшылары қатнасқан жеке исбилерменликти раўажландырыў бойынша әнжуманы есапланады.
Январь айының ақырында, «Alibaba Cloud» жаңа жасалма интеллект тили «Qwen 2.5-Max» моделин усынды, қолланба авторларының атап өтиўинше, бул модель имканиятлары бойынша «DeepSeek» компаниясының моделинен үстин турады.
С.Раҳимов, ӨзА