«Радар» ушын жәрийма муғдарының көбейген ҳәм көбеймегенине айдынлық киргизилди

Социаллық тармақларда транспорт қуралларының тезлигин арттырыў қағыйдабузарлығы («радар») ушын жәрийма муғдарының көбейтилгени ҳаққында хабарлар тарқалмақта. Бул жағдайға Ишки ислер Бас басқармасы баслығының баспасөз хаткери айдынлық киргизди.
Хабар етилиўинше, бул мағлыўматлар ҳақыйқатлыққа пүткиллей туўра келмейди. Ҳуқық қорғаў уйымлары бул түрдеги қағыйдабузарлық ушын белгиленген жәриймалар муғдары өзгермегенин мәлим етти.
«Мәлимлеме тарқатыўда рәсмий дереклерге тийкарланыўды усыныс етемиз», делинеди хабарда. Жәриймалар муғдары ҳәм ҳәрекет қағыйдаларындағы өзгерислер тек ғана рәсмий хабарлар арқалы жәрияланады ҳәм пуқаралар усы дереклерге исениўи кереклиги усыныс етиледи.
Усы мүнәсибет пенен, социаллық тармақларда тарқатылып атырған тийкарсыз хабарларға исенбеў ҳәм оларды тарқатпаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги