Ипотека кредитлери ушын субсидия алыўға арзаларды қабыллаў 3-марттан басланады

312

Президентимиздиң 2025-жыл 21-февральдағы «Турақ жай ҳәм ипотека базарын және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы менен усы жылы ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң мақсетли көрсеткишлери тастыйықланған болып, ипотека кредитлери бойынша субсидиялар саны өткен жылғыға қарағанда 1,5 есеге арттырылды ҳәм бағдарлама шеңберинде 30 000 таланбанға ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыў белгиленбекте.

Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң тастыйықланған мақсетли көрсеткишлери шеңберинде арзаларды 3-март күни саат 09:00ден баслап жибериў мүмкин. Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлиги ӨзАға хабар берди.

Арзаларды Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир портал (my.gov.uz) арқалы тапсырыў мүмкин. Онда арза бериўшиниң қәлеўи менен дәраматларының есап-санағына жақын ағайинлериниң де дәраматлары киргизилиўи мүмкин.

Сондай-ақ, арза ийеси ямаса оның өмирлик жолдасының (соның ишинде кепил сыпатында келтирген жақын туўысқанлары) орташа дәраматы төмендегише болыўы керек. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (ҳәзир 3,11 млн. – 9,24 млн.сум).

Ташкент қаласында – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2,7 – 9,2 есеси (ҳәзирги ўақытта 3,11 млн.сум – 10,62 млн.сум).

Ш.Маматуропова, ӨзА