Өзбекстанлы исбилермен ҳаял-қызлар Оманға барады

ONA мәлимлеме агентлиги Өзбекстаннан бир топар исбилермен ҳаял-қызлар кәсиплеслери менен қарым-қатнасықларды жақсылаўға Оман Султанлығына баратуғыны ҳаққында хабар берди.
Мәмлекетимиз Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Нодира Шотурсунова басшылығындағы делегациямыз қурамынан көшпес мүлк, дизайн, электротехника, тоқымашылық, жеке меншик билимлендириў, медицина, экспорт-импорт тараўларында жумыс алып барып атырған жигирмаға шамалас исбилермен ҳаял-қызлар, рәсмий ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери орын алған.
Республикамыздың Омандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Абдусалом Ҳотамов бул миссия ҳәр қыйлы тараўлар, атап айтқанда экономикалық ҳәм мәдений байланысларды раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырғанын атап өтип, сапардың режеси әлле қашан таярланғанын атап өтти.
Елшиниң билдириўинше, бағдарламаға тоқымашылық санаатының ўәкиллери ҳәм дизайнерлер тәрепинен шөлкемлестирилетуғын мода көргизбеси, Маскат қаласында өзбек кестешилик өнерментлери тәрепинен әмелге асырылатуғын шеберлик сабақлары да киргизилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Оман исбилермен ҳаял-қызларының қатнасыўындағы бизнес-форумда экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў мәселеси додаланады.
Муҳаррама Пирматова,
ӨзАның хабаршысы