Сенатта Корея Экспорт-импорт банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы менен ушырасыў болып өтти

2025-жылдың 24-февраль күни Сенат Баслығы Танзила Норбоева Корея Экспорт-импорт банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Канг Санжин менен ушырасты.
Ушырасыўда Қубла Корея ҳәм Өзбекстан арасында беккем дослық байланысларының раўажланып атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Тәреплер еки мәмлекеттиң барлық бағдарлардағы бирге ислесиўи, әсиресе, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы биргеликтеги жойбарлар унамлы нәтийжелер берип атырғаны бойынша пикир алысты.
Буннан тысқары, Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға қаратылған бағдарламаны әмелге асырыўда Корея Экспорт-импорт банки менен бирге ислесиўди даўам еттириў мәселеси додаланды.

Бул бойынша тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа жойбарларды ислеп шығыўға итибар қаратылды. Канг Санжчжин бул жойбарларға зәрүр жәрдем көрсетиўге ҳәм Өзбекстанда исбилерменлик орталығын раўажландырыўға қаратылған басламаларда қатнасыўға таяр екенлигин билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги