Мақсет – ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў

300

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 820-санлы қарарына тийкарланып, Шаңарақ институтын раўажландырыў, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў мақсетинде Шоманай районының 3-сектор аймағында жайласқан Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйынында “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орайы”ның ашылыў мәресими болып өтти.

Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова, сектор баслықлары, ҳәким орынбасарлары А.Бекмуратов, Т.Қаллықыличева, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, “Үлгили ҳаял-қызлар” ҳәрекетиниң ағзалары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.

Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген шаңарақлардағы татыўлық, тынышлық, аўызбиршиликти сақлаўдай ийгиликли мақсетлер жолында енди ғана өмир босағасына қәдем қойып атырған жасларымыздың усы орайларда билим алыўына тилеклеслик билдирилди.

“Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орайы”ның ашылыўы районда шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги