Кубок жеңимпазлары мүнәсип түрде сыйлықланды
327

Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде мини-футбол бойынша «Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри кубоги”ниң финал басқышы болып өтти.
Жарысқа республикамыз аймақларынан күшли командалар қатнасты. Кескин беллесиўлерге бай болған жарыста барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған Хожели районының «Жайҳун» командасы кубок жеңимпазына айланды.





Шымбай районының «Шымбай» командасы екинши, Нөкис қаласының «Нөкис Старс» командалары үшинши орынларды ийелеўге еристи.
Жарыс жуўмағында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги