Әҳмийетли ўазыйпалар додаланды

304

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәжилислер залында районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында ислениўи тийис ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары менен мәкеме, шөлкем ўәкиллери қатнасты.

Онда районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша дүзилген жол-картасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, бәҳәр мәўсиминде абаданластырыў жумысларын өз ўақтында алып барыў, мийўели, терек нәллери егилетуғын майданларды таярлаў ҳәм басқа да ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги