Грузияның Өзбекстандағы жаңа елшиси тайынланды

216

Давид Котария Грузияның Өзбекстандағы жаңа елшиси етип тайынланды. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министри Б.Саидов өзиниң Телеграм каналында хабар берди.

Оған бола, Давид Котариа 19-февраль күни Өзбекстан СИМ басшысына исеним жарлығының нусқаларын тапсырған.

«Мәмлекетлеримиз арасында еки тәреплеме байланысларды кеңейтиў жолларын додалап, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алдық», деп жазады Б.Саидов.

Сондай-ақ, министр Сыртқы ислер министрлиги елшини Өзбекстанда нәтийжели дипломатиялық миссиясын әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенин атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги