Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

213

20-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Сенаттың төртинши жалпы мәжилисиниң биринши күнинде дәслеп «Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимиз турмысының барлық тараўларында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, жәмийетти жаңалаў жолында түпкиликли өзгерислер жүз бермекте. Бул ийгиликли әмеллер диний ҳәм миллий қәдириятларымызды және де жоқарылатыў бағдарында да әҳмийетли орын ийелемекте.

Тарийхый естеликлер, мүбәрек зыярат орынларының абаданластырылыўы, мешит ҳәм медреселер жумысының жолға қойылыўы, өзбек халқы ҳәм Өзбекстанда жасаўшы ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң миллий ҳәм диний мәресимлери, сондай-ақ, дәстүрий байрамларының өткерилип атырғаны оның анық дәлили болып есапланады.

Итибарлысы, кейинги жыллары Өзбекстан пуқаралары ушын Ҳаж квотасы 3 есеге арттырылып, Умра зыяратына квоталар толық бийкар етилди. Уллы ата-бабаларымыздың диний-ағартыўшылық потенциалын дүньяға танытыў мақсетинде Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотурудий, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары шөлкемлестирилип, өз жумысын көрсете баслады.

Сенаторлар тәрепинен мақулланған нызам ҳәм Концепция менен пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықын тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Республикасы дүньялық мәмлекет екенлигине байланыслы конституциялық қағыйдаларды жүзеге шығарыўға ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, ўазыйпалары, принциплери, тийкарғы бағдарлары ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери белгиленбекте.

Сондай-ақ, бул ҳүжжет пенен белгиленип атырған тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы үстинен нәтийжели парламент қадағалаўын әмелге асырыў мақсетинде парламент комиссиясы шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылмақта.

Концепцияның қабыл етилиўи диний кеңпейиллик ҳәм конфессиялараралық татыўлықты тәмийинлеўге тийкарланған қатнасықлар моделин раўажландырыўдың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары жетилисиўине, жәмийетте татыўлық, социаллық аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик орталығы беккемлениўине хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң жалпы мәжилисте «Исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Нызамда базар қатнасықларын және де раўажландырыў шараятларында исбилерменлик субъектлерин қаржыландырыўдың жаңаша ҳәм қолайлы қуралларын ислеп шығыў, әсиресе, исбилерменлик субъектлерине кепиллик түринде жәрдем көрсетиў тараўын кеңейтиў, банк кредитлерине қолайлы болған пул талапнамасынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў есабынан қаржыландырыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған нормалар белгиленбекте.

Атап айтқанда, бул нызамға бола факторинг объекти сыпатында юридикалық шахсқа ямаса исбилерменлик субъектине келип шығатуғын пул талапнамасын белгилеў, пул талапнамасынан басқа шахстың пайдасына ўаз кешиў бойынша қадаған етиўди бузғаны ушын жуўапкершиликти бийкарлаў ҳәм қарыйдардың контрагенти резидент емес болғанда факторинг операцияларын сырт ел валютасында әмелге асырыўға руқсат бериледи.

Факторингте қарыздардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў мақсетинде қаржы агенти тәрепинен төлем әмелге асырылатуғын мәмлекет ҳәм валюта түриниң өзгертилиўине жол қоймаўы, сондай-ақ, факторингте көзбояўшылық жағдайларының алдын алыў ушын пул талапнамасынан ўаз кешиў ҳаққындағы хабарнамаларларды гиреў реестринде дизимге алыўды жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

Бул ҳүжжет пенен исбилерменлик субъектлерине кредит шөлкеми алдындағы пул миннетлемесин орынлаў бойынша кепилликлер бериў жумысын профессионал тийкарда әмелге асырыўшы, сондай-ақ,  нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да хызметлер көрсетиўши кепилликлер бериў шөлкеми ҳәм факторинг хызметлерин көрсетиўге қәнигелескен факторинг шөлкеминиң институтлары енгизилмекте.

Ендигиден былай нызамға тийкарланып устав фондының ең аз муғдары кепилликлер бериў шөлкеми ушын 100 миллиард сум, факторинг шөлкемлери ушын болса 2 миллиард сум етип белгиленбекте. Бул шөлкемлер Орайлық банкте есап дизиминен өткериледи, олардың жумысы Орайлық банк тәрепинен тәртипке салынады ҳәм қадағаланады.

Нызамда банк емес кредит шөлкемлериниң жумысына қойылған айырым шеклеўлерди жумсартыў ҳәм жетилистириў нәзерде тутылып, олар акционерлик жәмийети ямаса жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестирилиўи мүмкин екенлиги, олардың устав фондындағы үлестиң 10 проценттен 20 процентке шекемги бөлегин тиккелей ямаса жанапай алғанда Орайлық банкти хабардар етиў, 20 ҳәм оннан артық процентин алғанда болса Орайлық банктиң дәслепки руқсатнамасын алыўы шәрт екенлиги белгиленбекте.

Бул нызамның қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлериниң қаржы хызметлеринен пайдаланыў имканиятларының кеңейиўи, бизнести қоллап-қуўатлаў хызметлери түрлериниң артыўы, исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыўдың жаңа бағдарлары жаратылыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, Сенаттың жалпы мәжилисинде «Кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына кредит тараўындағы қатнасықларды және де жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызамға бола физикалық тәреплер менен кредит келисимлерин дүзиўге қадаған етиўди белгилеў ҳәм оны алып таслаўға болған ҳуқықлар, оларды Кредит келисими дүзиў қадаған етилген шахслар реестрине киргизиўдиң тәртиби ҳәм шәртлери, сондай-ақ, кредит мәлимлемесинен пайдаланыўшылардың белгиленген қадаған етиўин бузған ҳалда кредит келисимин дүзгенлиги ушын жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызамда алдаўшылық жолы менен пуқаралардың хабарысыз кредит қаржыларын олардың атына рәсмийлестириў ҳәм усы кредит қаржыларын өзлестириў жағдайларының алдын алыўға қаратылған механизмди жаратыўға байланыслы өзгерислерди ҳәм қосымшаларды киргизиў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, нызамда пуқараның кредит келисими дүзиўи қадаған етилген шахслар реестринде бар екенлиги ямаса жоқ екенлиги, қадаған етиў (қадаған етиўди бийкарлаў) ҳаққындағы арзаның жағдайы ҳаққында мәлимлеме алыў ҳәм бериўде кредит бюроларына ҳуқық ҳәм миннетлемелер, оларға қолланылатуғын илажлар ҳәм санкциялар да сәўлелендирилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи пуқаралар қатнасыўысыз ямаса хабарысыз кредит келисимин рәсмийлестириў менен байланыслы алдаўшылық жағдайларының алдын алыў  мақсетинде кредит бюросына арза киргизиў арқалы пуқара менен кредит келисимин дүзиўди қадаған етиў имканиятын береди.

Додалаўдан соң бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Салық ҳәкимшилигиниң жетилистирилиўи, сондай-ақ, салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик ҳәм валютаны тәртипке салыў либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Мәмлекетимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олар ушын теңдей бәсеки шараятларын жаратыў ҳәм салық ҳәкимшилигин және де жетилистириў, сондай-ақ, сыртқы саўда жумысын ҳәм валютаны тәртипке салыўды либералластырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Әмелдеги тәртипке бола исбилерменлик субъектлери бир ҳуқықбузарлық ушын бир неше мәрте жуўапкершиликке тартылады.

Соның ишинде, исбилерменлер хызметкерлердиң санын жасырғаны, товарларды мәжбүрий санлы маркировкалаў қағыйдаларын  бузғаны ҳәм фискал белгилерди сәўлелендирмеў сыяқлы бир ҳуқықбузарлық ушын ҳәм қаржылай жәриймаға, ҳәм ҳәкимшилик жәриймаға тартылыўы мүмкин.

Бул жағдайлардың алдын алыў мақсетинде салық ҳәкимшилигиниң және де жетилистирилиўине қаратылған өзгерислер киргизиў, сондай-ақ, сыртқы саўда операциялары бойынша активлердиң нызамда белгиленген мүддетлерде репатриацияланыўын тәмийинлеўге байланыслы талапларды қайта көрип шығыў зәрүрлиги пайда болмақта.

Жоқарыдағы жағдайларды сапластырыў мақсетинде бул жағдайларда қолланылатуғын үш басқышлы 50 процентлик жәрийма қолланыў тәртиби бийкар етилмекте. Оның орнына қайтпаған активлердиң 20 проценти муғдарында бир мәртелик қаржылай жәрийманы қолланыў тәртиби енгизилмекте.

Бул нызамда жойбарластырыў, әсбап-үскенелер ҳәм аўысық бөлеклерди жеткерип бериў, әсбап-үскенелерди орнатыў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумыслары менен байланыслы болған жумысларды орынлаў (хызметлерди көрсетиў) бойынша инвестициялық жойбарлар шеңберинде дүзилген контрактларда белгиленген мүддет 180 күннен артық болса, бул контракттағы мүддетлер қолланылыўы нәзерде тутылмақта.

Додаланған нызам менен салық тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажларының ҳуқықбузарлық ҳәрекетине пропорционаллығын тәмийинлеў арқалы исбилерменлик субъектлери бир ҳуқықбузарлық ушын бир неше мәрте жуўапкершиликке тартылыўының алдын алыў белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде салық ҳәкимшилиги және де жетилистирилип, нормалар әмелиятта еки түрли талықланыўының алды алынады ҳәм бирдей қолланылыўы тәмийинленеди.

Сондай-ақ, салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажлары либералластырылады, бул, өз гезегинде, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары нәтийжели қорғалыўына ҳәм артықша қәрежетлериниң азайтылыўына хызмет етеди.

Додалаўдан соң бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, Сенаттың жалпы мәжилисинде «Жер участкаларынан пайдаланыў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимизде жер участкаларынан пайдаланыў тәртибин жетилистириў, қоршаған орталықты қорғаўды күшейтиў, экологиялық жағдайды жақсылаў, жасыл майданларды кеңейтиў арқалы халыққа қолайлы экологиялық шараят жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта жер ҳәм қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылық, қала қурылысы регламентлериниң талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў, жерден пайдаланыўшылар, ижарашылар ҳәм мүлк ийелериниң жер участкаларынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы хабардарлығын арттырыў мақсетинде жер участкаларынан руқсат етилген пайдаланыў түрлерин анықластырыў зәрүрлиги пайда болмақта.

Сондай-ақ, республикада дем алыў бағлары, парклер, сейил етиў орынларының аймақларын ҳәм оларда егилген тереклердиң қорғалыўын күшейтиў, усы аймақларда имарат ҳәм объектлер қурылысының алдын алыў илажларын көриў керек.

Нызам менен жер участкаларынан руқсат етилген пайдаланыў түрлери енгизилиўи, халықтың мәдений-турмыслық талапларын қанаатландырыў ҳәм дем алыўы ушын пайдаланылатуғын жерлерди меншиклестириў ямаса узақластырыў, аймақларын қысқартыў, оларда имарат ҳәм объектлер қурыў қадаған етилиўи қатаң белгиленбекте.

Бул шеклеўлерди бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик күшейтилиўи, ботаника бағларын меншиклестириў ҳәм олардың аймақларында қурылысты әмелге асырыў қадаған етилген ҳалдада ботаника бағларының қорғалатуғын тәбийғый аймақлар дизимине киргизилиўин нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, нызам менен Жер кодекси өз алдына бап менен толықтырылып, жер учаскталарынан руқсат етилген пайдаланыў системасын енгизиў, оларды белгилеў ҳәм өзгертиў тәртиби қолланылмақта.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, жер фондының барлық категорияларындағы жер участкаларын базар ҳәм кадастр баҳалаў сапасын жақсылаў, жерден пайдаланыўшылар, ижарашылар ҳәм жер участкалары мүлк ийелериниң жер участкаларынан руқсат етилген пайдаланыў түрлери бойынша хабардарлығын ҳәм тараўда қадағалаў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, мәдений дем алыў орынлары ҳәм олардың аймақларын сақлап қалыў, ботаника бағлары ҳәм олардың жерлерин узақластырыў, аймағында имарат-объектлер қурыў ямаса қурылыс асты майданларын кеңейтиўди қадаған етеди ҳәм лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин арттырады.

Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде «Қурылыс майданларында шаң ҳәм қум элементлериниң ҳаўаға көтерилиўин сапластырыўға байланыслы мәжбүрий талаплар белгилениўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, қурылыс ҳәм урбанизация көлемлериниң кеңейиўи, қурылыс объектлериниң майданларынан шаң ҳәм қум элементлериниң самал арқалы ҳаўаға көтерилиўи нәтийжесинде атмосфера ҳаўасы төменлемекте.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда республикамызда 500 квадрат метрлик ашық қурылыс майданынан жылына 50 тоннаға шекем шаң ҳәм қум ҳаўаға көтериледи.

Негизинде, қурылыс аймақлары, оған кирип-шығыў жолларында шаң ҳәм қум элементлериниң ҳаўаға көтерилиўин сапластырыў бойынша мәжбүрий талаплар (шаңды бастырыў ушын аспа жаўынлатыў ҳәм суў үплегишлерден пайдаланыў) қала қурылысы қағыйдаларына киргизилген.

Бирай миллий нызамшылықта атмосфера ҳаўасын қорғаў талаплары ҳәм қала қурылысы қағыйдалары шеңберинде мине, усы қурылыста шаңның ҳаўаға көтерилиўине жолға қойғаны ушын анық жуўапкершилик нәзерде тутылмаған.

Сол себепли жағдай қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын қорғаў талапларын бузғаны ушын қурылыс шөлкемлериниң лаўазымлы шахсларына жуўапкершилик белгилениўин талап етпекте.

Сенаторлар тәрепинен көрип шығылған нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс усы түрдеги ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершиликти белгилеўши статья менен толықтырылмақта.

Ендигиден былай өлшеми 500 квадрат метр ҳәм оннан артық болған қурылыс майданында, оған тутас болған аймақта ҳәм оннан шығыў жолларында шаң ҳәм қум элементлериниң ҳаўаға көтерилиўин сапластырыўға байланыслы мәжбүрий талапларды бузыў ямаса усы аймақларда патасландырыўшы затлардың жол қойылатуғын шеңбердеги нормативлерден артық дәрежеде атмосфера ҳаўасына шығарылыўына жол қойыў лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының он есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, егер усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғаннан соң бир жыл даўамында қайтадан жүз берсе, базалық есаплаў муғдарының елиў есеси муғдарында жәрийма қолланылады.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызамның қабыл етилиўи имаратлар, объектлер ҳәм олардың комплекслерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм толық оңлаў дәўиринде атмосфера ҳаўасына тәртипсиз түрде тасланатуғын шаң ҳәм қум элементлериниң ҳаўаға көтерилиўиниң алдын алады. Қоршаған орталықтың экологиялық тазалығын сақлаў, пуқаралардың өз өмири ҳәм денсаўлығы ушын қолайлы атмосфера ҳаўасынан пайдаланыў ҳуқықларын тәмийинлейди.

Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети