Аўыл хожалығындағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды

230

Қараөзек районында аўыл хожалығы мәселелерине арналған мәжилис болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими А.Баймуратов, тараў ўәкиллери ҳәм фермерлер қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-декабрьдеги «Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўында белгиленген ўазыйпалар менен бирге, аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийети атап өтилди.

Илажда 2025-жылдың зүрәәти ушын егислик майданларды шүдигарлаў, ағын суўдан нәтийжели пайдаланыў, жерлердиң шорын жуўыў, ғәлле тәрбиясы ҳәм агротехникалық илажларды өз ўақтында шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленип, көрсетпелер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы