Спортты раўажландырыўға итибар күшейтилмекте

206

Соңғы жыллары елимизде спортты раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға кең имканиятлар жаратылып, бул бағдарда әмелий илажлар алып барылмақта. Әсиресе, жасларымыз арасынан елимиздиң байрағын дүньяға танытатуғын спортшылар жетилисип шығып, олар Азия ҳәм жәҳән чемпионатлары менен олимпиада ойынларында Ўатанымыз абырайын пүткил дүньяға танытып келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спорт тараўы ўәкиллери, жуўапкерлер, федерация басшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда 2024-жылы спорт мектеплеринде спортшы-жасларды таярлаўда әмелге асырылған илажлар ҳәм алдағы ўазыйпалар, сондай-ақ, спорт федерацияларыныӊ жумыслары ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде ҳүрметли Президентимиздиң Өзбекстан Миллий Олимпиада комитетиниң баслығы лаўазымына сайланғаны өз гезегинде аймақ ҳәм тараў басшыларына үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынлығын, жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланып тараўда буннан да жоқары нәтийжелерди қолға киргизиў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Илажда бул бағдарда өз ўазыйпасын атқарыўда айырым мәкеме ҳәм федерация басшыларының немқурайдылық пенен қарап атырғанлығы сынға алынды.

Сондай-ақ, ушырасыўда елимиз жаслары арасынан халықаралық дәрежедеги жарысларда, олимпиада ойынларында жоқары нәтийжелерге ерисетуғын спортшыларды жетилистирип шығарыў ушын және қандай илажларды алып барыў кереклиги бойынша тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланып, ўазыйпалар белгиленди.

Өткерилген илажға  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги