Пластик карталардан пулларды шешип алыў алдаўшылық жынаяты көрсеткишиниң көбейиўине себепши болмақта

208

Қарақалпақстан Республикасы судында ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов, Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасарлары А.Адилов, А.Керимбаев, Б.Қтайбековлар әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў мақсетинде 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, 2024-жыл даўамында  Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2323 жынаят иси көрилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ислер саны 366 ға яки 18,7 процентке көбейген.

Көрип тамамланған жынаят ислери 70,9 процентти қураған. 2144 шахсқа жаза тайынлаў менен айыплаў ҳүкими, 22 шахсқа ақлаў ҳүкими, 138 шахсқа жаза тайынланбастан айыплаў ҳүкими шығарылды. 77 шахсқа тайынланған жаза шәртли есапланып, олардың қарсысына сынақ мүддети белгиленди. Ал 644 шахстың ислери тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы, исленген жынаятлардың кем әҳмийетлилиги себепли өндиристен қысқартылып, 9 шахстың қарсысына медициналық характердеги мәжбүрлеў шаралары қолланылды,

Айыплаў ҳүкими шығарылған ислердиң 26,3 процентин қураған
577 шахсқа еркинен айырыў, 31,4 процентин қураған 688 шахсқа еркинликти шеклеў, 29,2 процентин қураған 639 шахсқа дүзетиў жумысы, 0,8 процентин қураған 17 шахсқа мәжбүрий жәмийетлик жумыслар, 8,8 процентин қураған 193 шахсқа жәрийма жазасы тайынланды.

Урлық жынаяты 14,4 процентке, алдаўшылық жынаяты 15,7 процентке, транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қағыйдасын бузыў жынаяты 16,7 процентке көбейген.

Буннан тысқары, судлар тәрепинен 2024-жыл даўамында коррупцияға байланыслы жәми 561 шахстың қарсысындағы 316 жынаят иси көрилип, бул көрсеткиш алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда 43,6 процентке көбейген.

Коррупция менен байланыслы жынаятлар тараўлар кесиминде қаралғанында исбилерменлик тараўында 179 шахс (31,9%), мәмлекетлик үлеси бар кәрханаларда 39 шахс (6,9%), банк тараўында 25 шахс (4,4%), мектепке шекемги билимлендириўде 22 шахс (3,9%), халық билимлендириўинде 18 шахс (3,2%), жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў тараўында 16 шахс (2,8%), ҳуқыққорғаў тараўында 14 шахс (2,5%), денсаўлықты сақлаў тараўында 14 шахс (2,5%), ҳәкимликлерде 6 шахс (1,06%)ты қурап, басқа тараўларға қарағанда бир қанша көбейгенлиги көринеди.

Усы дәўирде коррупцияға байланыслы жынаятлардың жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге көрилген ислердиң 44,9 процентин қураған 142 айрықша уйғарыўлар шығарылған.

Усы жылда көрилген ислерди өткен жыл менен салыстырғанда  келисимлер менен байланыслы, турақ жай, мийнет қатнасықлары, зыян, коммуналлық төлемлерди өндириў менен байланыслы ислер көбейген болса, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер, шаңарақ, жерге ҳәм салық қарызын өндириўге байланыслы ислер бираз азайған.

Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың келип шығыўы, олардың көбейиўи себеплери анализ етилгенде тийкарынан пуқаралардың жәмийет ушын пайдалы жумыс пенен жетерли тәмийинленбегенлиги, бурын жынаят ислеп жазасын өтеп келген шахсларға профилактикалық бақлаўдың жетерли дәрежеде орнатылмағанлығы ҳәм көбинесе халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў бағдарында үгит-нәсият жумыслары нәтийжели алып барылмағанлығы, сондай-ақ, транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў менен байланыслы жынаятлардың көбейиўине спиртли ишимликлер ишип автотранспорт басқарыўы, тезликти ҳәдден тыс асырыўы, урлық жынаятының көбеўине жәбирлениўши шахслардың өзлерине тийисли жеке мүлклерди қараўсыз таслап кетиўи, алдаўшылық жынаятының көбейиўине жәбирлениўши шахслардың исенимине кирип интернет тармақларынан пайдаланыў арқалы пластик карталардан пулларды шешип алыўы себеп болып атырғанлығын көриўимиз мүмкин.

2024-жыл даўамында Пуқаралық ислери бойынша судлардың өндирисинде биринши инстанция тәртибинде улыўма 29.620 ис болып, соннан судлар тәрепинен 26.454 ис  көрилип тамамланған. Ал, экономикалық ислер бойынша судлар тәрепинен суд буйрығы тәртибинде 4 ис , әпиўайыластырылған тәртипте 649 ис  кѳрилген. Жәми 1.209 даўа арза электрон түрде келип түскен.

– Бәршемизге мәлим болғанындай, елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда әҳмийетли бағдарлардан бири болған бийғәрез суд ҳәкимиятын қәлиплестириў жолында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, соңғы жылларда суд системасында жүдә көп өзгерислер, жаңалықлар жүз берди ҳәм олардың нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқықларының әдил судлаў арқалы қорғалыўы имканиятлары бираз артты,-дейди Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов.

Өткен жылдың 1-январь күнинен баслап суд ислерин қайта  көриўдиң орайластырылыўына шек қойылып, ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация ҳәм ревизия тәртибинде көриў басқышлары енгизилген еди. Сондай-ақ, ислер Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында ревизия тәртибинде ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумында қайта көрилетуғын болды. Буннан тысқары, жоқары инстанция судлары тәрепинен биринши инстанция судларының бийкар етилген қарарларын жаңадан көриў ушын қайтадан сол судларға жибериў тәртиби шығарып тасланып, ҳәр бир суд инстанциясына ис бойынша ақырғы қарар шығарыў миннетлемеси жүкленди.

Усы өзгерислерге бола алдын судларда болмаған ревизия инстанциясы шөлкемлестирилип, бул арқалы орта буўын судлары, яғный ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, пуқаралардың Конституцияда нәзерде тутылған суд арқалы қорғалыў ҳәм судқа шағым етиў ҳуқықларының кепилликлери және де артты.

Быйыл да суд системасында бир қатар жаңалықлар болып атыр.

2024-жыл 10-июньда Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Оператив-излеў ҳәм тергеў жумысларында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилген еди. Усы пәрманға муўапық, 2025-жылдың 1-январынан баслап жынаят ислери бойынша судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда өз алдына судьялар, яғный тергеў судьялары тәрепинен көрип шығыў тәртиби енгизилди ҳәм усы мақсетте жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда тергеў судьясы лаўазымы киргизилди. Сондай-ақ, бул судьяларға ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллигин бериў нәзерде тутылды.

Соған тийкарланып, 2024-жыл 24-декабрьде қабыл етилген Нызамға бола, әмелдеги процессуаллық нызамшылыққа ҳәм басқа да нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип, тергеў судьяларының ўәкилликлери, олардың жумысларының нызамлы тийкарлары белгилеп берилди. Мине, усы өзгерислерге тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасында да 2025-жылдың 1-январынан баслап 18 тергеў судьялары өз жумысларын баслады ҳәм олар ҳәзирги күнде республикамыздың ҳәр бир районында биреўден, Нөкис қаласында екеўден ислеп атыр.

Солай етип, 1-январьдан баслап тергеў судьялары, ҳәзирги күнде тек жынаят ислерин көрип шығатуғын жынаят ислери бойынша судьялардың (Қарақалпақстан Республикасында олардың дерлик ҳәммеси (17) суд баслықлары) ўәкиллигине кирген, жынаят ислери бойынша судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция бериў (қамақ, үй қамағы, тинтиў, мүлкти хатлаў ҳ.т.б.) ҳаққындағы материалларды, сондай-ақ, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шықпақта.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы судлары тарыйхы китабы баспадан шыққанлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан судларының тарийхы ҳәм бүгинги күнинен дерек беретуғын, Қарақалпақстанда суд уйымларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўының тийкарғы басқышлары, бийғәрез суд ҳәкимиятының  шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ суд тараўында хызмет еткен ҳәм ҳәзирги ўақытта өз жумысын алып барып атырған судья ҳәм хызметкерлер ҳаққында сөз етиўши «Қарақалпақстан Республикасы судлары: тарийх ҳәм бүгин» деп аталған усы китап туўралы мағлыўматлар жәмленген  презентация ролиги қойып берилди.

Судлардың жумысын сәўлелендириўде журналистлердиң хызметлери айрықша екенлиги атап өтилип, бир қатар журналистлерге миннетдаршылық билдирилип, алдағы ўақытлары да халықтың ийгилиги ушын усындай белсенди бирге ислесиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Себеби, ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, ғалаба хабар қураллары арқалы суд процесслерин сәўлелендириў арқалы судлардың жумыслары ҳаққында кең жәмийетшиликти хабар етиў имканияты артады. Бул өз гезегинде суд системасына деген халқымыздың исенимин арттырыўға жәрдем береди.


Бир топар журналистлерге миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги