Сенаттың төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

173

Бүгин, 2025-жыл 20-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Оған Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Мәжилис процесслери Сенаттың YouTube тармағындағы рәсмий бети арқалы онлайн сәўлелдендирилмекте.

Жалпы мәжилисте сенаторлар пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлектелик сиясат концепциясын тастыйықлаў, исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў, кредит мәлимлемеси алмасыўын буннан былай да жетилистириў, салық ҳәкимшилиги, жер участкаларынан пайдаланыў, қурылыс тәртиби, донорлық ҳәрекетине байланыслы ҳәм шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған нызамларды көрип шығады.

Сондай-ақ, жалпы мәжилис күн тәртибинен суд, қамақтағылардың жаза өтеўдеги ҳуқықлары, шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўына байланыслы нызамлар да орын алған.

Буннан тысқары, төртинши жалпы мәжилисте бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаў ҳәм оларға қосылыў мәселелери сәўлеленген нызамлар да көрип шығылады. Соның менен бирге, Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе де додаланады.

Жалпы мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелерди толық сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!

Қарақалпақстан хабар агентлиги